Онда Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри
Лазиз Қудратов ҳәм Япония-Өзбекстан комитетиниң баслығы, “Mitsubishi Corporation” президентиниң үлкен кеңесгөйи Масаюки Танимото басшылық етти.
Додалаўда Япония экономика, саўда ҳәм санаат мәмлекетлик министри Кэндзи
Ямада, Японияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Кэндзи Хирата,
тийисли уйымлар, қаржы институтлары, исбилерменлик бирлеспелери ҳәм бизнес
басшылары қатнасты. Япония тәрепинен 130 дан аслам қатнасыўшылар, соның ишинде,
раўажланыў бойынша жетекши корпорациялар ҳәм шөлкемлер қатнасты.
Япония бизнесиниң жоқары қызығыўшылығы 2025-жыл декабрь айында
"Орайлық Азия + Япония" саммити ҳәм мәмлекетлик сапар даўамында
ерисилген келисимлерге сүйенеди.
Сол ўақытта қәлиплестирилген 12 миллиард долларлық 75 жойбардан ибарат портфель
узақ мүддетли ўазыйпаны белгилеп берген еди, енди тийкарғы итибар оны избе-из
әмелге асырыўға қаратылмақта.
Өзбекстан
экономикасының турақлы пәти бул жумыс ушын қолайлы тийкар болып хызмет етпекте.
2025-жылы 7,7 процентке, усы жылдың биринши ярымында болса 8,5 процентке өскен.
Заманагөй
технологиялар ҳәм инфраструктураға талап артып атырғанын есапқа алып, тәреплер энергетика,
химия санааты, машина қурылысы, әҳмийетли минераллар, денсаўлықты сақлаў ҳәм IТ
тараўларын айрықша атап өтти. Кәрханаларды модернизациялаў, локализациялаў,
шийки затты терең қайта ислеў, санластырыў ҳәм сыртқы базарларға шығыў
улыўмалық бағдарлар болды.
Тараўлық
усынысларды жедел иске түсириў мақсетинде инвесторлар ушын финанслық ҳәм
шөлкемлестириў шәртлери өз алдына көрип шығылды. Суверен емес қаржыландырыўды
кеңейтиў ҳәм арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестириў мәселелери додаланды. Бул
қураллар биргеликте капитал, таяр майданлар ҳәм зәрүр инфраструктурадан
пайдаланыў имканиятын бериўи керек.
Өсиўдиң айрықша
резерви санлы экономика менен байланыслы. Японияның 20 дан аслам компаниясы “IT
Park Uzbekistan” резидентлери есапланады, мәмлекеттиң IТ-хызметлериниң улыўма экспорты
болса 1 миллиард доллардан артады. Бул болса аутсорсингти кеңейтиў, санлы
шешимлерди Япония базарына алып кириў ҳәм технологиялық қолланбаларды әмелге
асырыў ушын тийкар жаратады.
Мәжилистиң
тематикалық бөлими Өзбекстанның тийисли уйымлары, Япония корпорациялары,
билимлендириў ҳәм қаржы шөлкемлери ўәкиллериниң шығып сөйлеген сөзлери менен
байыды. Санаат кооперациясы, санлы трансформация, минерал ресурсларды
өзлестириў, кадрлар таярлаў ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў қураллары дыққат
орайында болды. Бундай формат тармақлардың талапларын потенциаллы бирге
ислесиўшилердиң технологиялары ҳәм компетенциялары менен салыстырыў имканиятын
берди.
Мәжилис
жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды. Бағдарламаны еки
мәмлекет компаниялары арасында кейинги қәдемлерди келисиў ҳәм жаңа
байланысларды орнатыўға қаратылған тиккелей сөйлесиўлер ҳәм исбилерменлик
байланыслары даўам еттирди.