Ушырасыўда туристлик алмасыўды кеңейтиў, зыярат
туризмин раўажландырыў, тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў ҳәм еки мәмлекет
туроператорлары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.
Туристлер ағымын көбейтиў мақсетинде "Ташкент -
Жакарта" жөнелиси бойынша тиккелей авиақатнаўларды, сондай-ақ, Ташкентти
Өзбекстанның тарийхый қалалары менен байланыстырыўшы тиккелей авиақатнаўларды
жолға қойыў имканияты додаланды.
Сөйлесиў ўақтында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен
усыныс етилген жаңа авиарейслерди субсидиялаў механизмлерин қолланыў имканияты
атап өтилди. Сондай-ақ, Индонезиядан туристлерди тартқан жергиликли
туроператорларға ҳәр бир турист ушын 100 АҚШ доллары муғдарында субсидия
берилетуғыны атап өтилди.
Ҳәр жылы Индонезияның 2 миллионнан аслам пуқарасы ҳаж
ҳәм умра сапарына барады. Өзбекстанның 1200 ден аслам зыярат етиў орынлары,
соның ишинде, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Имам Термизий, Баҳауддин Нақшбанд
мийрасы Индонезия базары ушын үлкен туристлик потенциалға ийе.
Индонезияның Ҳаж ҳәм умра мәселелери министриниң
сапары шеңберинде Самарқанд ҳәм Бухарадағы зыярат етиў орынларына саяхат
шөлкемлестирилди. Бухара ҳәм Самарқанд қалаларын Индонезия базарында зыярат
туризми бағдарлары сыпатында үгит-нәсиятлаў, арнаўлы туризм маршрутларын ислеп
шығыў, "Ҳаж" ҳәм "Умра" операторлары менен В2В
ушырасыўларын өткериў бойынша келисимлерге ерисилди.
Индонезиялы инвесторлардың қатнасыўында Имам Бухарий
комплекси аймағында бес жулдызлы «Hadith Hotel» мийманханасының иске қосылғаны да еки
мәмлекеттиң туризм тараўындағы бирге ислесиўиниң әмелий нәтийжелеринен бири
болды.
Тиккелей авиақатнаўлар, "Умра плюс"
бағдарламасы, туроператорлар ҳәм зыярат туризми инфраструктурасы арасындағы
бирге ислесиўди раўажландырыў Өзбекстанның Индонезия базарындағы орнын
беккемлеў ҳәм туристлер ағымын көбейтиўге хызмет етеди.