Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Уктам Саломов ҳәм Қытай илим ҳәм технологиялар министриниң орынбасары Чэнь Сззячан басшылығындағы делегациялардың ўәкиллери қатнасты. Тәреплер илимий бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелерин додалады.

Ушырасыў жуўмағында жасалма интеллект, санлы технологиялар, агробиотехнологиялар, жаңа материаллар ҳәм "жасыл" энергетика сыяқлы тийкарғы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды көбейтиў, илимий инфраструктураны биргеликте раўажландырыў бойынша келисимге ерисилди.

Буннан тысқары, тәреплер технологиялар трансфери ҳәм оларды коммерцияластырыў системасын енгизиў, қоспа фондлар ҳәм технопарклер шөлкемлестириў, жас илимпазлар алмасыўын кеңейтиў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп алды.

Келисимлердиң даўамы сыпатында Киши комиссияның сегизинши мәжилисин 2028-жылы Өзбекстанда өткериўге келисип алынды.