Сөйлесиўде Өзбекстан - Қытай қатнасықларын буннан
былай да беккемлеў, парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў,
сондай-ақ, "Орайлық Азия - Қытай" форматындағы әмелий бирге ислесиўди
кеңейтиў мәселелери додаланды.
Еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм
стратегиялық көзқарасы себепли бирге ислесиў ҳәр тәреплеме стратегиялық
шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилди.
Еки мәмлекет басшылары ҳәм нызам шығарыўшы уйымлар
ағзаларының өз-ара сапарлары ҳәм байланысларының жеделлескени, сондай-ақ,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Пүткилқытай халық ўәкиллери мәжилиси
арасындағы бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссияның жумысы унамлы
баҳаланды.
Бирге ислесиў нәтийжелилигин және де арттырыў
мақсетинде парламентлер басшыларының турақлы байланысларын жеделлестириў,
парламентлераралық бирге ислесиў топарларының жумысын беккемлеў, тараў
комитетлериниң байланысларын кеңейтиў, нызамшылық бойынша тәжирийбе алмасыў,
биргеликтеги парламентлик ҳәм экспертлик илажларды өткериў усыныс етилди.
Өзбекстан Қытайдың регионаллық раўажланыў,
кәмбағаллықты қысқартыў, мәмлекетлик басқарыўды санластырыў, "жасыл"
экономиканы раўажландырыў, кадрлар таярлаў ҳәм инновацияларды хошаметлеў
бағдарындағы тәжирийбесин үйрениўден мәпдар екени атап өтилди.
Сондай-ақ, сиясий партиялар арасындағы бирге ислесиўди
буннан былай да раўажландырыў бойынша пикир алысылды. "Орайлық Азия -
Қытай" форматы регионаллық тынышлық, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды
беккемлеў ушын қосымша имканиятлар жарататуғыны атап өтилди.