Бул ҳаққында Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги
комитетиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Ҳүжжет радициялық ҳәм ядролық қәўипсизликти
тәмийинлеў, лицензиялаў ҳәм инспекция жумысы, нормативлик-ҳуқықый базаны
жетилистириў, аварияға таярлық ҳәм аварияға қарсы ҳәрекет етиў, қәнигелердиң
маманлығын арттырыў ҳәм профессионал тәжирийбе алмасыў сыяқлы әҳмийетли
тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.
Меморандум еки мәмлекеттиң тәртипке салыўшы уйымлары
арасында мәлимлеме ҳәм экспертлер алмасыўын кеңейтиўге, атом энергиясынан тыныш
мақсетлерде пайдаланыўда қәўипсизликти исенимли тәмийинлеўге хызмет етеди.
Меморандумға Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги
комитетиниң баслығы А.Рафиқов ҳәм АҚШ Ядролық тәртипке салыў комиссиясының (NRC) баслығы Х.К.Ниёх қол қойды.