Биз оны кескинликти азайтыў, сиясий-дипломатиялық сөйлесиў ҳәм өз-ара мақул шешимлерди табыў ушын шараят жаратыў жолындағы әҳмийетли қәдем, деп есаплаймыз.
Барлық тәреплерди сабырлы болыўға, жағдайды және де кескинлестириўге алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлерден тыйылыўға, сондай-ақ, турақлы тынышлық ҳәм турақлылыққа ерисиў мақсетинде конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириўге шақырамыз.
Өзбекстанның келиспеўшиликлерди Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Уставы принциплерине қатаң муўапық, тек ғана тынышлық қураллары менен шешиў зәрүр екенлиги ҳаққындағы турақлы позициясын тастыйықлаймыз", - делинеди Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң билдириўинде.