Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер улыўма қуўатлылығы 3,5 ГВт ҳәм улыўма баҳасы 4,2 миллиард доллар болған бес ири энергетика жойбарын биргеликте әмелге асырыў ҳаққындағы келисимге қол қойды.

Мағлыўмат ушын, Sumitomo Corporation компаниясына 1919-жылы тийкар салынған болып, оның активлери 73 млрд долларды, штаты 5,1 мың хызметкерди қурайды. ACWA Power компаниясы 2004-жылдан берли жумыс алып бармақта, 18,7 миллиард долларлық активлерге ийе ҳәм 4 мыңға шамалас хызметкерди бирлестиреди.

Ушырасыўда тәреплер энергетика инфраструктурасын модернизациялаў бойынша кең көлемли инвестициялық бағдарламалардың орынланыў пәтин ҳәр тәреплеме таллады. Биргеликтеги ҳәрекетлер ҳәзирги күнниң өзинде қайта тиклениўши энергетика объектлерин қурыўда жоқары нәтийжелерди тәмийинлеп атырғаны атап өтилди.

Додалаўлар жуўмағында қурылыс жумысларын жеделлестириў, сондай-ақ, жаңа қуўатлықларды иске қосыў графиклерин оптималластырыў бойынша анық механизмлер ислеп шығылды.

Өзбекстан жойбарларды әмелге асырыўдың ҳәр бир басқышында ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетип, сырт ел инвесторларының басламаларын буннан былай да қоллап-қуўатлаўға таяр екени айрықша атап өтилди.

Сырт ел компанияларының ўәкиллери, өз гезегинде, министрликтиң биргеликтеги басламаларды нәтийжели алға қойыўға хызмет етип атырған турақлы жәрдемин жоқары баҳалады.