Басқарма мағлыўматларына бола, Өзбекстан Москва жоқары оқыў орынларына тапсырылған арзалар саны бойынша үшинши орынды ийеледи. Алдынғы бесликке Қазақстан, Беларусь, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан да кирди, деп жазады Interfax.

Шет елли студентлер арасында ең көп қызығыўшылық оятқан Россия жоқары оқыў орынлары арасында Патрис Лумумба атындағы Россия халықлар дослығы университети (РУДН), Уллы Петр атындағы Санкт-Петербург политехника университети, Б.Н.Ельцин атындағы Урал федерал университети жетекшилик етпекте.

Россия Илим министрлигиниң мағлыўматына бола, ҳәзирги ўақытта Россия университетлеринде дүньяның 182 мәмлекетинен 422,2 мың сырт елли студент билим алмақта.

Россия жоқары оқыў орынларына қабыллаў кампаниясы 20-июньнан басланды. Бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлер бойынша бюджетке қабыллаў 25-июль күни, төлемли-контракт ушын болса 20-сентябрьден кешиктирмей жуўмақланады. Магистратураға қабыллаў мүддетлери оқыў формасына байланыслы болып, бул да август-сентябрь айларынан кешиктирмей жуўмақланады.