Рашид Галиевтиң сүўрети

Азық-аўқат өнимлериниң түрин көбейтиў ҳәм сапасын арттырыў, оларды қайта ислеў ҳәм қадақлаў тармақларын жедел раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе. Бул бағдарлар қосымша қунды қәлиплестиреди, импортқа байланыслылықты азайтады, жергиликли ислеп шығарыўшылардың сыртқы базарларға шығыўы ушын шараят жаратып, мәмлекеттиң экономикалық турақлылығын беккемлейди.

Усы мүнәсибет пенен 1-3-апрель күнлери "Узэкспоорай"да өткерилип атырған "Азық-аўқат өнимлери, ингредиентлер ҳәм ислеп шығарыў технологиялары - UzFood 2026" халықаралық көргизбеси Өзбекстан азық-аўқат санааты алдында турған ўазыйпаларды шешиў ушын нәтийжели бизнес майданына айланды, бул жерде тараў қәнигелери өз-ара пайдалы шерикликти жолға қойыў, беккем исбилерменлик байланысларын орнатыў имканиятына ийе болды.

Iteca Exhibitions компаниясы тәрепинен шөлкемлестирилген илаж шын мәнисинде кең көлемли. 26 мәмлекеттен 529 компания қатнасқан көргизбе экспозициясы "Узэкспоорай"дың барлық павильонларын ийеледи. Ашылыўдан-ақ қатнасыўшылардың стендлерине жүзлеген адам келди - биринши күни бул тийкарынан профессионал жәмийетшилик ағзалары, өним ҳәм үскенелерди ислеп шығарыўшы ҳәм жеткерип бериўшилер, өндирис холдинглери, илимий топарлар, ҳүкимет структураларының ўәкиллери болды. Исбилерменлик сөйлесиўлери жедел түрде өткерилди, жаңа өндирис үскенелери көрсетилди, көргизбениң сыртқы көриниси, сапасы ҳәм дәмлик қәсиетлери баҳаланды.

Ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, 2025-жылы елимиз азық-аўқат санаатында 152,1 триллион сумлық азық-аўқат өнимлери ислеп шығарылып, алдыңғы көрсеткишлерге салыстырғанда 9,7 процентке артқан. Бул өсиў көрсетилген ҳәм қайта ислеў тармақларында турақлы унамлы динамиканы көрсетеди, сондай-ақ, ишки базар ҳәм азық-аўқат турақлылығын тәмийинлеў ушын тийкарғы әҳмийетке ийе болған өндирислик жумыстың кеңейип атырғанын сәўлелендиреди. Буннан тысқары, илаж Өзбекстан Республикасының 2025-жыл 3-февральдағы "Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында"ғы нызамын әмелге асырыўда, заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм технологияларды көрсетиў арқалы тараўдағы жергиликли кәрханалардың раўажланыўына хызмет етеди. Көргизбе дүньяның жетекши брендлериниң шешимлеринен пайдаланыў имканиятын береди, бул болса өндирисшилерге өндиристи модернизациялаў, сапа ҳәм ассортиментти жақсылаў, сондай-ақ, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң көлемин арттырыў имканиятын береди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Исбилерменлик, бәсекиликти раўажландырыў ҳәм санаатты раўажландырыў мәселелери бойынша комитети, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы, Ташкент қаласы ҳәкимлиги тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланғаны "UzFood 2026"ға мәмлекетимиздиң итибарын көрсетти.

Усы жылы "UzFood 2026" өзиниң 25 жыллығын белгилеп, сырт елли мийманлардың жоқары қызығыўшылығын сәўлелендириўде даўам етпекте. Германия, Беларусь, Россия, Корея Республикасы, Қырғызстан, Польша, Таиланд сыяқлы мәмлекетлерден миллий ҳәм жәмәәтлик экспозициялардың рекорд саны, сондай-ақ, Қытай, Ҳиндстан, Түркия, Италия ҳәм Малайзия компанияларының кеңнен қатнасыўы көрсетилген.

Көргизбе экспозициясы тийкарғы тематикалық бағдарлар бойынша павильонларға ажыратылған.

Экспозицияның технологиялық бөлими ушын мөлшерленген залда "Ораў. Әсбап-үскенелер ҳәм материаллар" атамасындағы презентацияда азық-аўқат өнимлерин қадақлаўдың толық цикли - етикетка ҳәм ыдыслардан баслап таяр өнимлерди қадақлаў линияларына шекем көрсетиледи. Экспонентлер қатарында Францияның Clextral компаниясы еки винтли экструзия үскенелерин ислеп шығарыў бойынша дүньяда жетекши болып есапланады.

- Материалларды цилиндр ишиндеги еки айланыўшы шнек жәрдеминде жоқары нәтийжели қайта ислеў үскенелерин жаратып атырмыз ҳәм ислеп шығарамыз, бул жүдә жақсы араластырыў, газсизлендириў ҳәм пластиклеўди тәмийинлейди, - деди Clextral компаниясының Россия Федерациясы ҳәм ҒМДА мәмлекетлери бойынша ўәкили Айна Акаева. - Бул технология универсал болып, полимерлерди араластырыў, реактивли экструзиялаў ҳәм қайта ислеўде қолланылады, жоқары өнимдарлықта ҳәм қадағалаў анықлығында кең түрдеги шийки зат пенен (пластмассалардан азық-аўқат өнимлерине шекем) ислеў имканиятын береди. Өзбекстан базары биз ушын оғада перспективалы болып табылады: бир неше жергиликли компаниялар менен бирге ислесиўди жолға қойдық. Атап айтқанда, «East-West Invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийети сыяқлы ең ири азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўшы компания өз өнимлерин усы үскенелеримизде ислеп шығармақта.

Азық-аўқат өнимлериниң жоқары сапасын тәмийинлеўдиң тийкарғы шәрти заманагөй технологиялық үскенелер ҳәм автоматластырылған өндирис линияларын енгизиўден ибарат. Алдынғы шешимлерден пайдаланыў өндиристиң барлық басқышларын - шийки затты қайта ислеўден баслап таяр өнимди қадақлаўға шекем қатаң қадағалаў имканиятын береди, инсан факторын азайтады, стандартларға сәйкес келмеў қәўпин азайтады. Жаңа линиялар сапа турақлылығын, өнимдарлықты арттырыў, халықаралық санитариялық ҳәм техникалық талапларға әмел етиўди тәмийинлейди. Бәсеки күшейип атырған, өнимлердиң қәўипсизлигине талаплар күшейген шараятта өндирис базасын модернизациялаў тек ғана раўажланыў факторы емес, ал тутыныўшылардың исенимин арттырыў ҳәм тармақтың експорт потенциалын кеңейтиўдиң зәрүр шәрти болып қалмақта.

Бул көргизбениң тийкарғы орнын Bakery Uzbekistan бөлими - нан ҳәм коньдитер өнимлериниң толық цикли ийеледи.

Азық-аўқат өнимлери, ишимликлер ҳәм азық-аўқат өнимлериниң үлгилери: кондитер өнимлери, гөш ҳәм сүт өнимлери, снеклер, дәм ҳәм приправалар, музлатылған ярым таяр өнимлер ҳәм басқа да өнимлер қойылған павильонлар мийманлардың итибарын көбирек тартты.

Беларусь Республикасы компанияларының өнимлери өзбекстанлыларға көп ўақыттан берли унайды. Соның ушын ҳәр бир адам гөш ҳәм колбаса, нан ҳәм кондитер өнимлериниң кең түринен аўыз ашыўы мүмкин болған бул мәмлекеттиң стендинде адамлар көп еди.

- Көргизбеге Беларустың азық-аўқат өнимлери менен танысыў ушын келдим, - деп пикир билдирди Гүлчехра ханым. - Көбинесе фирма дүканларынан сатып аламыз - күйеўим екеўимиз сүт ҳәм кефирди жақсы көремиз, балаларымыз болса мазалы затларды ҳәз етип жейди.

Көргизбеде биринши мәрте қатнасып атырған қырғызстанлы ислеп шығарыўшылар миллий стендте сүт ҳәм ашытылған сүт өнимлери, шербет ҳәм ишимликлер, музқаймақ, пал, кептирилген мийўе ҳәм ярым таяр өнимлерди усынды. Корея Республикасының компаниялары тәрепинен таяр тағам ҳәм сорпалар, май ҳәм приправалар, диеталық қураллар, саламат ҳәм спорт аўқатланыўы ушын мөлшерленген өнимлер көрсетилмекте.

Жергиликли ислеп шығарыўшылар да мийманлардан қалыспады. Өзбекстан компаниялары көргизбениң өз өнимлери, технологиялары ҳәм идеяларын алға қойыў, сырт елли шериклер менен узақ мүддетли исбилерменлик байланысларын орнатыў имканиятларын мүнәсип баҳалады. Атап айтқанда, қадақлаў материаллары ҳәм линиялары, фильтрлер ҳәм тазалаў системалары, азық-аўқат ҳәм кондитер үскенелери, азық-аўқат өнимлери, ишимликлер ҳәм басқа да өнимлер усыныс етилди.

Консерваланған палаўдың рәңбәрең банкалары қайсы жерлеслеримиз ҳәм сырт ел мийманларына таныс емес? 2018-жылы дүканларымыздың текшелеринде пайда болған бул "ноу-хау" өними жоқары сапасы ҳәм шын мәнисиндеги өзбек палаўын ўатанымыздан узақта турып-ақ татыў имканияты менен биринши мәрте сатып алыўшылардың сүйиспеншилигине еристи.

- Консервалы палаў ислеп шығарыў идеясы 2015-жылы туўылған болса да, Өзбекстан менен тығыз байланыслы болған бийтәкирар дәмди сақлап қалыў имканиятын беретуғын технологияны ислеп шығыўға үш жыл ўақыт кеткен еди, - дейди «Oshpaz Food Tashkent» ЖШЖ менеджери Дмитрий Самсонов. - Көлеми ҳәм салмағы бойынша бир неше түрдеги қадақлаў қуралларын ислеп шығарамыз, оларды бәрқулла жолға алып шығыў ҳәм пайдаланыўға қолайлы. Айтпақшы, палаўымыз Эверестте де болды: өзбекстанлы альпинистлер оны Жердиң ең бийик ноқатын ийелеў ушын өзлери менен бирге алып шықты. Соның менен бирге, La Kuba бренди астында газленген салқын ишимликлер де ислеп шығарамыз. Жергиликли базарда бул өним енди өзлестирилип атырған болса, сырт елли тутыныўшыларға мақул келди. Бир ўақыттың өзинде бир неше мәмлекетке, соның ишинде, АҚШқа экспортты шөлкемлестирди.

Быйылғы көргизбениң исбилерменлик бөлими жаңа форматта өтпекте: "Тармақларды сатып алыў орайы" азық-аўқат жеткерип бериўшилер ҳәм көтере сатып алыўшылар арасында тиккелей сөйлесиўлерди тәмийинлейди. Қатнасыўшылар географиясының кеңейиўи ҳәм усақлап сатыўшылар санының еки есеге көбейиўи тиккелей байланыслар ушын қосымша имканиятлар жаратады. Россия саўда тармақларының дәслепки қатнасыўы сыртқы саўда байланысларын раўажландырыў ҳәм Өзбекстан компанияларының експорт айланысын арттырыў ушын жаңа перспективалар ашпақта.

Сондай-ақ, исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде шеберлик сабақлары, алдынғы үскенелер ҳәм технологиялардың презентациялары өткерилмекте. Америка гөш экспорты федерациясы (USMEF) ҳәм The Thermoplan UZ компаниясының гөшти қуўырыў бойынша тренинглери, Қытай компанияларының "Ҳәр күни - Балық күни" ҳәм "Родалс Узбекистан" семинарлары көргизбениң әҳмийетли ўақыялары болыўы күтилмекте.

" UzFood 2026" көргизбеси Өзбекстан азық-аўқат санаатының раўажланыўы технологиялық, сапа ҳәм халықаралық бирге ислесиўге ашықлық тәрепке исенимли қарап баратырғанын айқын көрсетпекте. Усынылған шешимлер ҳәм ерисилген келисимлер тараўды модернизациялаў, өнимлердиң түрин көбейтиў ҳәм мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў ушын беккем тийкар жаратпақта.

Алексей Чукарин.

"Правда Востока".