Жарыс Бухара районында Миллий гвардияға қараслы "Шабандозлар мектеби" тийкарында өткериледи, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Турнир бесинши мәрте өткерилмекте ҳәм халықаралық майданда жылдан-жылға көбирек итибарға ийе болмақта.
Быйылғы жарысқа Россия, Қытай, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан командалары қатнасады. Қатнасыўшылар географиясының кеңейип атырғаны аймақта ҳәм сырт елде ат спортының дәстүрий түрине қызығыўшылық артып атырғанынан дәрек береди.
Бурын турнир 2022-2023-жыллары Сурхандәрья ўәлаятында, 2024-жылы Ферғана ўәлаятында ҳәм өткен жылы Наманган ўәлаятында өткерилген еди.
Шөлкемлестириўшилердиң атап өтиўинше, илажды өткериўден тийкарғы мақсет миллий қәдириятларды үгит-нәсиятлаў, атлы дәстүрлерди раўажландырыў, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўден ибарат.