Үйрениў нәтийжелери Комитет ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң қоспа мәжилисинде ҳәр тәреплеме додаланды.
"Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район" статусын алған аймақларды жаңа басқышқа алып шығыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў ҳәм өндирислик потенциалын арттырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленгени атап өтилди.
Үйрениў нәтийжелерине бола, ўәлаятта 2025-жылы социаллық-экономикалық көрсеткишлердиң өсиўи бақланып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда белгили нәтийжелерге ерисилген.
Атап айтқанда, Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде 578 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленди, 29,6 мың жумыссыз кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқытылды. Жыл басынан берли жумыссызлық дәрежеси 5,9 проценттен 4,9 процентке, кәмбағаллық дәрежеси болса 9,6 проценттен 6,5 процентке азайды. 60 мәҳәлле кәмбағаллықтан ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айланды. 53,7 мың шаңарақ кем тәмийинленген шаңарақлар реестринен шығарылды.
"Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў", "Киши бизнести қоллап-қуўатлаў", "Мәҳәлле жойбары", "Бизнеске биринши қәдем" бағдарламалары шеңберинде 2,9 триллион сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер арқалы 73,2 мың халық дәраматлы жумыс пенен тәмийинленген.
Ўәлаятта жәми 46 мәҳәллеге, соның ишинде, 14 районның ҳәр биринде 2 мәҳәллеге, сондай-ақ, район (қала) ҳәкимлериниң усынысы менен 16 ҳәм ўәлаят ҳәкиминиң басламасы менен 2 мәҳәллеге "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги мәҳәлле" статусы берилди.
Усы аймақларды комплексли раўажландырыў мақсетинде тастыйықланған "Раўажланыў ҳәм жетекшилик пункти" бағдарламасына муўапық, жол инфраструктурасын жақсылаў ушын 46 миллиард сум, электр тәмийнатын жақсылаў ушын 20,2 миллиард сум, ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлери жумыслары ушын 5,1 миллиард сум, ирригация системасын жақсылаў ушын 17,7 миллиард сум, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары ушын 33,6 миллиард сум, 22 социаллық тараў объектинде қурылыс-оңлаў жумысларын орынлаў ушын 16,5 миллиард сум ажыратылыўы режелестирилген.
Бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы нәтийжесинде ўәлаятта 421 исбилерменлик субъекти ҳәм 790 жаңа жумыс орнын жаратыў, «е- auksion» платформасы арқалы 11 ҳәм «k-savdo» платформасы арқалы 1 мың 44 лотты аукционға шығарыў, сондай-ақ, бюджетке 8 миллиард сум муғдарында қосымша түсимлерди тәмийинлеў нәзерде тутылған.
Додалаў процесинде жол қойылған кемшиликлер ҳәм машқалалар, пайдаланылмаған имканиятлар ҳаққында да сөз болды. Атап айтқанда, айырым жойбарлар өз ўақтында әмелге асырылмай атырғаны, мәҳәлле орайының мастер режеси ислеп шығылып, инфраструктураға байланыслы әҳмийетли мәселелер толық шешилмей атырғаны көрсетип өтилди.
Сенаторлар белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, халық ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў бойынша өз усынысларын билдирди.
Мәжилис жуўмағында тийисли қоспа қарар қабыл етилди.