Оның шеңберинде Өзбекстанның сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери сырт елли шериклер менен елимиз пуқаралары ушын визасыз барыў имканиятларын кеңейтиў, виза тәртиплерин әпиўайыластырыў, заманагөй ҳәм қолайлы виза механизмлерин енгизиў бойынша сөйлесиўлерди жеделлестирмекте.

Тийкарғы итибар Өзбекстан пуқаралары ушын визасыз тәртипти орнатыў, электрон визалар, әпиўайыластырылған виза тәртиплери ҳәм халықаралық қатнаўларды жеңиллестириўге қаратылған басқа да механизмлерди қолланыўды кеңейтиўге қаратылады.

Бул баслама Өзбекстан пуқараларының халықаралық сапар етиў имканиятларын кеңейтиў, сырт елге шығыў ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, мәмлекетимиздиң ашық ҳәм жедел сыртқы сиясатын избе-из әмелге асырыўға хызмет етеди.