Қайтыс болғанлардың ең кишиси бес жаста, үлкени болса 16 жаста.
“Ary News”тиң жазыўынша, қулап түскен ўақытта орайда 35
ке шамалас бала болған, ҳәзирги ўақытта 20 бала ҳәм бир оқытыўшы қулап түскен
орынлардан алып шығылған.
12 бала емлеўханаға жатқарылды. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң
баспасөз хаткери Фарук Ахмедтиң мәлим етиўинше, олардың жағдайы аўыр.
Полиция тәрепинен оқыў орайының ийелери болған еки аға-ини қамаққа
алынды. Улыўма, немқурайдылық иси бойынша бес адам усланды, және бир шерик ийесин
излеў даўам етпекте, деп жазады rbc.ru.
Дәслеп, қулаўға бир қабатлы имараттың төбесиндеги қурылыс жумыслары себеп
болған болыўы мүмкин - оған топырақ ҳәм басқа да материаллар қосылған, соның
ақыбетинде конструкцияға жүк артқан.