Бул ҳаққында Португалия миллий республикалық гвардиясына тийкарланып
"Xinhua" агентлиги хабар бермекте, деп жазбақта
"Report".
Жәбирленгенлердиң биреўи аўыр жарақат алған.
Атап өтилиўинше, 35 жаслы ер адам автомобильди бир топар адамлар үстине
басқарған ҳәм полицияның тоқтатыў ҳаққындағы бир неше мәрте берген буйрықларына
итибар бермеген. Автомобильди тоқтатыў ушын полицияшылар ҳаўаға бир неше рет оқ
атқан. Соған қарамастан, автомобиль ҳәрекетти даўам еттирип, бир неше пияда ҳәм
еки полиция хызметкерин урып кеткен, кейин басқа автомобиль менен соқлығысып,
тоқтаған.
Айдаўшы ўақыя орнынан қашып кетиўге урынған, бирақ усланған. Оған аўыр
дене жарақатын жеткериў, мәс ҳалда автомобиль басқарыў ҳәм қәўипли айдаўшылық
сыяқлы айыплар қойылған.