Жойбар шеңберинде дерлик 70
миллион доллар инвестиция тартылып, 2 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады, 10
гектар майданда заманагөй өндирис комплекси қурылады.
Атап өтилиўинше, бул тек
ғана жаңа заводтың қурылысы емес. Бул жерде сөз Өзбекстанда робототехника
тараўын раўажландырыўдың жаңа басқышын баслаў, жоқары технологиялар тараўындағы
имканиятларды кеңейтиў ҳәм жергиликли маман кадрларды таярлаў ҳаққында
болмақта.