Бул ушырасыў Space Technology Conference - 2026 халықаралық конференциясы шеңберинде шөлкемлестирилди ҳәм космослық технологиялар тараўындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған.
Ҳәзирги ўақытта глобал космослық экономиканың көлеми 500 миллиард АҚШ долларынан артқаны ҳәм 2030-жылға барып 1 триллион долларға жетиўи прогноз етилип атырғаны шараятында космослық технологияларды раўажландырыў ТМШ мәмлекетлери ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта. Қатнасыўшы мәмлекетлер жәми 170 миллионнан аслам халықты ҳәм үлкен географиялық аймақты қамтып алады, бул болса космослық хызметлер, атап айтқанда, Жерди аралықтан зондлаў, байланыс ҳәм навигация технологияларын раўажландырыў ушын үлкен базар ҳәм кең имканиятлар жаратады.
Мәжилисте Өзбекстан, Түркия, Қазақстан, Әзербайжан ҳәм Қырғызстан космос тараўының басшылары, сондай-ақ, бақлаўшы мәмлекетлер - Венгрия, Түркменстан ҳәм халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Илаж даўамында соңғы жылларда ерисилген нәтийжелердиң жуўмағы шығарылып, келешектеги раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары додаланды.
Атап айтқанда, ТМШ шеңберинде әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлардан бири - технологиялық жолдас жаратыўға айрықша итибар қаратылды. Бул жойбар ағза мәмлекетлер арасында технологиялық трансферти жолға қойыў, илимий-изертлеў потенциалын бирлестириў, сондай-ақ, жас қәнигелерди таярлаўды нәзерде тутады.
Буннан тысқары, күн тәртибине төмендеги тийкарғы мәселелер киргизилди:
Жерди аралықтан зондлаў жолдасларының мағлыўматларынан аўыл хожалығы, суў хожалығы ҳәм экологиялық мониторингте кеңнен пайдаланыў;
айрықша жағдайларды ерте анықлаў ҳәм олардың ақыбетлерин азайтыў ушын космослық технологияларды енгизиў;
геомәлимлеме системалары (GIS) ҳәм үлкен мағлыўматлар (Big Data) тийкарындағы аналитикалық платформаларды раўажландырыў;
космослық санаатта жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў;
кадрлар таярлаў ҳәм биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын раўажландырыў.
Кейинги жылларда ТМШ мәмлекетлери космос тараўында үлкен нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, Түркия ҳәм Қазақстан Орбитаға Жерди аралықтан зондлаў жолдасларын алып шыққан болса, Әзербайжан телекоммуникация жолдаслары арқалы халықаралық хызметлер көрсетпекте, Өзбекстанда болса космослық мониторинг тийкарында жер ҳәм суў ресурсларын басқарыў, экология, геология ҳәм аўыл хожалығы тараўларында системалы жумыслар алып барылмақта.
5-мәжилистиң өткерилиўи ТМШ шеңберинде космослық сиясатты муўапықластырыў, биргеликтеги инфраструктураны қәлиплестириў ҳәм регионаллық космослық экосистеманы жаратыў жолында әҳмийетли басқыш болып хызмет етеди. Ол тек ғана сиясий сөйлесиў платформасы емес, ал анық әмелий жойбарларды қәлиплестириў ҳәм алға қойыў ушын нәтийжели механизм болып есапланады.
Ташкентте өткерилген бул әҳмийетли илаж Өзбекстанның космос тараўындағы белсенди халықаралық позициясын беккемлеў, инновациялық раўажланыў стратегиясын алға қойыў, сондай-ақ, мәмлекетти регионаллық технологиялық орай сыпатында көрсетиўге хызмет етеди.