Илажда 20 дан аслам сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жоқары мәртебели ўәкиллери, соның ишинде, БМШ Бас хаткериниң орынбасары, БМШтың Халықтаныў қорының атқарыўшы директоры, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, халықаралық финанс институтларының ўәкиллери, Азия мәмлекетлериниң парламент ҳаял-қызлары, ҳүкимет ўәкиллери, сондай-ақ, сырт мәмлекетлердиң Өзбекстандағы дипломатиялық ўәкилханаларының ўәкиллери қатнаспақта.

Форумда жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, жетекши ҳаял-қызлар, исбилермен топарлардың ўәкиллери, сиясаттаныўшылар, социаллық тараў белсендилери, илимпазлар, сондай-ақ, экономиканың түрли тармақларының ўәкиллери сыяқлы 250 ге шамалас қатнасыўшы да қатнаспақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти форум қатнасыўшыларына қутлықлаў жоллады. Форумның ашылыў мәресиминде оны Президент Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева оқып еситтирди.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде гендер теңликти тәмийинлеў Өзбекстан мәмлекетлик сиясатының тийкарғы бағдарларынан бирине айланғанын атап өтти.

Өткерилип атырған Форум Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 80-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде алға қойған басламасының әмелий нәтийжеси болып есапланады. Бизге белгили, Самарқандта өткерилген биринши форум халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланған бундай сөйлесиў майданына үлкен талап бар екенлигин көрсетти. Енди бул майданды турақлы платформаға айландырыў жолында әҳмийетли қәдем тасланды.

Шығып сөйлегенлер бүгинги күнде бирде-бир мәмлекет ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтпей турып, турақлы раўажланыўға ерисе алмайтуғынын атап өтти. Соның ушын бул платформа тек ғана сөйлесиў емес, ал улыўма көзқараслар, әмелий бирге ислесиў ҳәм биргеликтеги басламаларды қәлиплестириў майданына айланыўы керек.

Бул майдан глобал қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде ҳаял-қызлар тилеклеслигиниң айқын көриниси болып есапланады. Климат өзгериўи, кәмбағаллық, теңсизлик ҳәм ҳәр қыйлы кемситиўлерге қарсы гүресиў бойынша нәтийжели шешимлерге тек ғана ҳаял-қызлардың белсене қатнасыўы арқалы ерисиў мүмкин.

Соның ушын ҳәр қыйлы тараўларда белсенди ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олар арасында халықаралық бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Мәселен, ҳаял-қызлардың мәмлекетимиздеги сиясий процесслер ҳәм қарар қабыл етиў системасындағы қатнасыўы артып бармақта. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан парламентте ҳаял-қызлардың үлеси бойынша дүньяда 35-орында тур.

Ҳаял-қызлардың билимлендириў, илим, инновация ҳәм исбилерменлик тараўларындағы ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў Жаңа Өзбекстандағы реформалардың әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Бүгинги күнде ҳаял-қызлардың үлеси жоқары билимлендириўде 53 процентке, магистратурада 65 процентке жеткен. Илимпазлар арасында ҳаял-қызлардың үлеси 60% ти қурайды.

Ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин арттырыў, исбилерменлик ҳәм бәнтлик тараўларындағы имканиятларын кеңейтиўге қаратылған жумыслардың нәтийжесинде кейинги он жылда исбилермен ҳаял-қызлардың саны 3,7 есеге көбейип, 274 мыңнан асты.

Форум Азия мәмлекетлери арасында алдынғы тәжирийбе алмасыў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдың нызамшылық ҳәм әмелий механизмлерин жетилистириў, билимлендириў, исбилерменлик, инновациялар ҳәм жасалма интеллект тараўларында қоспа бағдарламалар жаратыў ушын әҳмийетли платформа болып хызмет ететуғыны атап өтилди.

Форум өз жумысын параллель сессиялар шеңберинде даўам еттирди.