Еслетип өтемиз, 2026-жыл 25-март күни Парижде Өзбекстан Ҳүкимети ҳәм ЮНЕСКО арасында Өзбекстанда ЮНЕСКО қәўендерлигинде II категориялы мектепке шекемги билимлендириў орайын ашыў ҳаққындағы Келисимге қол қойылған еди.

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң директорлары ҳәм қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институты жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў регионаллық орайы шөлкемлестириледи. Оның тийкарғы ўазыйпалары:

мектепке шекемги билимлендириў саласында регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў;

ЮНЕСКОға ағза мәмлекетлердиң мектепке шекемги билимлендириў бағдарламалары ҳәм усыллары бойынша биргеликтеги изертлеўлер өткериў;

балалардың ерте раўажланыўына қаратылған билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасыў;

2030-жылға шекем мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы Ташкент декларациясының орынланыўын мониторинг етиў ҳәм дәўирлик есабатларды таярлаў ҳәм басқалар.

Сондай-ақ, Орай мектепке шекемги билимлендириў тараўында педагог кадрларды қайта таярлаўға жаңаша қатнасларды енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў, халықаралық тренинглер, семинарлар ҳәм конференцияларды шөлкемлестириў менен шуғылланады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 19.08.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».