Материалларды үйрениў даўамында 143 кәрхана ҳәм шөлкемниң басшыларына
ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик шаралары қолланылғаны анықланды.
Сондай-ақ, 56 шөлкемге анықланған нызамбузыўшылықларды сапластырыў бойынша
жазба көрсетпелер берилди.
Сондай-ақ, тексериўлер даўамында мүрәжатларда көрсетилген кәрхана ҳәм
шөлкемлердиң бир бөлеги бүгинги күнге шекем өз жумысын тоқтатқанлығы анықланды.
Пуқаралардың мийнет ҳуқықларын тиклеў мақсетинде Бирден-бир миллий мийнет
системасынан 2020-2025-жыллар даўамында киргизилген мийнет искерлиги ҳаққындағы
надурыс мағлыўматлар шығарып тасланды.
Мәмлекетлик
мийнет инспекциясы ескертеди: егер пуқара өзиниң мийнет жумысы ҳаққындағы
мағлыўматлар оның келисими ҳәм хабарысыз рәсмийлестирилгенин анықласа,
ўәкилликли уйымларға мүрәжат етиўи мүмкин.
Буның ушын
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң 1176 қысқа номеринен пайдаланыў
ямаса Мәмлекетлик мийнет инспекциясының рәсмий Telegram-боты - @munosibmehnat_bot
арқалы мүрәжат жоллаў мүмкин.
Барлық мүрәжатлар
нызамшылықта белгиленген тәртипте көрип шығылып, ҳәр бир жағдай бойынша тийисли
илажлар көрилмекте.