Усы қарардың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:
спорт тараўын қаржыландырыўдың заманагөй механизмлерин ҳәм қаржыландырыўдың альтернатив дәреклерин енгизиў;
спорт тараўына ажыратылып атырған қаржылардың бағдарларын орайластырыў, бюджет қаржыларының көлемин кеңейтиў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў.
Қарарға муўапық, Спорт министрлиги жанында Спорт тараўындағы басламаларды қоллап-қуўатлаў қоры (Фонд) шөлкемлестириледи.
2026-жыл 1-апрельден баслап:
спорт федерацияларының (бирлеспелериниң) атқарыў уйымларына усы федерациялардың (бирлеспелердиң) жумысы менен байланыслы барлық жыллық қәрежетлердиң кеминде 20 проценти муғдарында қәўендерлик қаржыларын киргизген исбилерменлерди киргизиў тәртиби енгизиледи;
профессионал футбол клубларын усы клублардың жумысы менен байланыслы барлық жыллық қәрежетлериниң кеминде 20 проценти муғдарында қәўендерлик қаржыларын киргизген исбилерменге ямаса исбилерменлер топарына исенимли басқарыўға бериў әмелияты енгизиледи.
2026-жыл 1-апрельден 2029-жыл 1-апрельге шекем Суперлига ҳәм Про-лигада қатнасып атырған футбол клубларының футболшылары физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етиледи ҳәм олар ушын социаллық салық ставкасы 1 процент етип белгиленеди.