Бағдарламада қатнасыў ушын арза бериўши белгиленген талапларға жуўап бериўи керек:

социаллық критериялар: баҳалаў нәтийжелери бойынша 30 ҳәм оннан артық балл топлаў керек;

кредит тарийхы: бағдарламада қатнасып атырған кеминде бир коммерциялық банктиң ишки талапларына жуўап бериўи;

турақ жай мүлкиниң жоқлығы: арза бериўши ҳәм оның өмирлик жолдасының (ҳаялының) Өзбекстан Республикасы аймағында турақ жайы болмаўы;

дәрамат дәрежеси: орташа айлық дәрамат белгиленген социаллық критерияларға сәйкес келиўи керек.

Турақ жай субсидиясын алыў ушын арзаны төмендеги усыллардан бири арқалы тапсырыў мүмкин:

my.gov.uz Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы;

MyGov мобил қосымшасы арқалы;

Мәмлекетлик хызметлер орайларына барып.

Пайдаланылмаған лимитлер саны шекленген болыўы мүмкинлиги себепли пуқаралар өз ўақтында мүрәжат етиўи усыныс етиледи.