Атап өтилгениндей, кейинги жылларда Өзбекстан Республикасында мийнет қатнасықларын ҳуқықый жақтан тәртипке салыў демократия, адамгершилик ҳәм әдиллик принциплери тийкарында әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 42-статьясында ҳәр ким мүнәсип мийнет етиў, кәсип ҳәм жумыс түрин еркин таңлаў, қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын қолайлы мийнет шараятлары, мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўсиз ҳәм мийнетке ҳақы төлеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан төмен болмаған муғдарда әдил сыйлық алыў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп қойылған.
Додаланған нызам миллий нызамшылықты Халықаралық мийнет шөлкеминиң конвенцияларына муўапықластырыў мақсетинде ислеп шығылған ҳәм Сенат тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 98-статьясына муўапық нызамшылық басламасы тәртибинде Нызамшылық палатасына киргизилген.
Нызам менен Жынаят, Ҳәкимшилик, Пуқаралық процессуал, Мийнет кодекслерине, сондай-ақ, "Өзбекстан Республикасындағы жәмийетлик бирлеспелер ҳаққында"ғы ҳәм "Кәсиплик аўқамлары ҳаққында"ғы нызамларға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.
Солай етип, Мийнет кодексинде ис таслаў - бул жумыс бериўши менен жәмәәтлик мийнет даўын шешиў усылы сыпатында хызметкерлердиң мийнет, социаллық-экономикалық ҳәм кәсиплик мәплерин қорғаў мақсетинде мийнет ўазыйпаларын толық ямаса бир бөлегин орынлаўдан ўақтынша, ықтыярлы ҳәм жәмәәтлик түрде бас тартыў екенлиги белгиленбекте. Буннан тысқары, ис таслаў ҳуқықы кепилленбекте, жумыс бериўшини ҳәм мийнет уйымларын хабардар етиў тәртиплери және басқа да ҳуқық ҳәм миннетлемелер белгиленбекте.
Сенаторлар бул Нызамның әмелге асырылыўы миллий нызамшылықты халықаралық стандартларға муўапықластырыўға, ис таслаў процесин нызам менен тәртипке салыў арқалы жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўге, Өзбекстанның инсан ҳуқықларына әмел ететуғын мәмлекет сыпатындағы имиджин беккемлеўге, халықаралық шөлкемлерде оның абырайын арттырыўға хызмет ететуғынын, сондай-ақ, сырт ел инвестицияларын тартыў ушын кең имканиятлар ашатуғынын атап өтти.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.