Энергия үнемлеўши технологиялар ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиўди кеңейтиў арқалы 2026-жылы 4,3 миллиард кВт/саат электр энергиясы ҳәм 2,8 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў мақсет етилген.

2026-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик уйымлар, социаллық тараў шөлкемлери ҳәм мәкемелериниң жаңадан қурылып атырған, реконструкцияланатуғын (модернизацияланатуғын) ҳәм капитал оңланатуғын имарат ҳәм обектлеринде "С" ҳәм оннан жоқары энергия нәтийжелилиги категориясына ийе болыў талабы енгизиледи.

Онда, тутыныўшыларды тармақлардан ажыратыў ҳәм шеклеўлер киргизиў есабынан электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди үнемлеўге жол қойылмайды.

2026-жыл 1-октябрьге шекем үлкен мағлыўматлар (Big Data), бизнес-анализ (Business Intellegence) ҳәм жасалма интеллект технологиялары тийкарында объектлер кесиминде энергия жумсалыўы ҳәм энергия нәтийжелилиги көрсеткишлерин таллаўды енгизиў режелестирилген.

Аймақлардағы жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мақсетинде Енергия нәтийжелилиги миллий агентлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленди:

орынларда энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша жумыслар көлемин кеңейтиў, сондай-ақ, аймақлық шөлкемлердиң бирдей қатнасы ҳәм бирге ислесиўин тәмийинлеў;

жойбарларды "жасыл" принциплер ҳәм энергия нәтийжелилиги талаплары тийкарында әмелге асырыў;

аймақларда энергияны үнемлейтуғын қурылмалар ҳәм үскенелерге сервис хызметлерин көрсетиўши объектлердиң («service point») жумысын кеңейтиў ҳәм басқалар.

2026/2027-оқыў жылынан баслап мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшылары, улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары оқыў орынлары студентлеринде энергияны үнемлеў бойынша билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириўге қаратылған илажлар турақлы шөлкемлестириледи.

Буннан тысқары, 2026-жыл 1-июльге шекем жанылғы-энергетика тармағы кәрханалары хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын енгизиў, сондай-ақ, 2026-2027-оқыў жылы ушын магистратураның "70710410 - энергияны үнемлеў ҳәм энергия аудити" қәнигелиги бойынша қабыллаў параметрлерин 25 процентке арттырыў режелестирилген.

Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:

2026-жылы электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди үнемлеўдиң мақсетли көрсеткишлери;

2026-жылы энергия нәтийжелилигин және де арттырыў, энергия ресурсларын үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша "жол картасы".

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 30.04.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».