Жеке меншик қурылыс қадағалаўы объектти қурыўшы ҳәм қадағалаўшы арасында дүзилетуғын шәртнама тийкарында әмелге асырылады.

Жеке қурылыс қадағалаўы буйыртпашының (мүлк ийесиниң) ықтыярына бола әмелге асырылады.

Объектлерде жеке меншик қурылыс қадағалаўы айына кеминде 1 мәрте өткериледи.

Онда, ҳәр бир жеке меншик қурылыс қадағалаўын өткериў мүддети 1 жумыс күнинен аспаўы керек.

Объект қурылысының тийкарғы басқышлары төмендегилерден ибарат:

  • имарат ҳәм қурылмалардың қазылмасын қурыў;
  • ирге тасын қурыў;
  • тийкарғы көтериўши конструкцияларды қурыў;
  • дийўаллар ҳәм тосыўшы конструкцияларды қурыў;
  • төбе жумыслары ҳәм басқа жумыслар.

Объекттиң буйыртпашысы қурылыстың ҳәр бир басқышы жуўмақланыўынан 2 күн алдын жеке меншик қурылыс қадағалаўшысын электрон ямаса жазба түрде хабардар етиўи шәрт.

Жеке меншик қурылыс қадағалаўшысы хабарнама алынған күннен баслап 1 жумыс күни даўамында қурылыс объектине сертификатланған қадағалаўшыны бириктирип қояды.

Жеке меншик қурылыс қадағалаўшысы 5 жумыс күни ишинде унамлы жуўмақ береди ямаса белгиленген тийкарлар бар болған жағдайда объектти қосымша көзден өткерип, унамлы жуўмақ бериўди бийкарлайды.