Бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 10-декабрьдеги ПП-246 санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген.

Еслетип өтемиз, бул Пәрманда саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы барлық юридикалық тәреплер ушын бирден-бир QR-код арқалы төлемлерди қабыл етиў системасын басқышпа-басқыш енгизиў белгиленген.

Ҳүжжетке муўапық, төлемлерди QR -код арқалы әмелге асырыўдың бирден-бир тәртиби, сондай-ақ, бирден-бир QR-код системасының қатнасыўшыларының ўазыйпалары белгиленбекте.

Бирден-бир QR-код пайдаланыўшыларға қәлеген банк ямаса төлем шөлкеминиң мобил қосымшасы арқалы төлемлерди әмелге асырыў имканиятын береди.

Бул қағыйдалар төмендегилерди нәзерде тутады:

QR-кодлар статикалық ҳәм динамикалық түрлерге бөлинеди;

- бирден-бир QR-код системасы арқалы барлық төлем системаларының өз-ара интеграциясы тәмийинленеди;

QR-код системасының операторы тәрепинен төлемлер ҳәм есап-санақлар ҳаққындағы мағлыўматлар автоматластырылған түрде әмелге асырылады ҳәм реал ўақыт режиминде система қатнасыўшыларына жеткериледи;

QR-код системасы шеңберинде қарыйдарларды қоллап-қуўатлаў хызмети ҳәм мүрәжатлардың жағдайы ҳаққындағы мағлыўматларды жүклеп алыў имканияты жаратылады.

Қағыйдаларға бола, ҳәр бир пайдаланыўшыға мобил қосымшалар арқалы QR-кодты сканерлеў, төлем муғдарын тастыйықлаў, ҳәр бир операция бойынша онлайн мағлыўмат алыў ҳәм транзакциялар тарийхы менен танысыў имканияты жаратылған.