Режеге муўапық, Өзбекстан аймағында бирлемши базардан турақ жай сатып алыў ушын ҳәр айда қайтарыў шәрти менен 10 жыл мүддетке базалық есаплаў муғдарының 2 150 есесине шекем кредит ажыратылады.

Кредит коммерциялық банктиң қаржылары есабынан жыллық 14 процентлик ставкада ажыратылады.

Қарыз алыўшы мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын бирден-бир портал (my.gov.uz) арқалы электрон тәризде дизимнен өтеди.

Кредит қарыз алыўшыға төмендеги барлық шәртлерге муўапық болғанда бериледи:

Өзбекстан Республикасы пуқаралығына ийе болыўы;

қарыз алыўшы арза менен мүрәжат еткен күнде 35 жастан аспаған болса;

қарыз алыўшыда халықаралық рейтинг шөлкемлери тәрепинен жәрияланған топ-100 рейтингине киретуғын сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлеринде алынған илимий дәрежениң бар екенлиги;

қарыз алыўшының сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлеринде илимий дәреже алғанлығы ҳаққындағы дипломын белгиленген тәртипте тән алыў.

Қарыз алыўшы ипотека кредитин ажыратыў ушын Бирден-бир портал арқалы төмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжат етеди:

кредит алыў ушын арза;

қурылыс шөлкеми менен турақ жай сатып алыў бойынша дүзилген шәртнама.

Коммерциялық банк 3 жумыс күни даўамында оның төлеў қәбилетин үйренеди ҳәм турақ жай сатып алыў ушын ажыратылыўы мүмкин болған кредит муғдары бойынша банк жуўмағын Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигине усынады.

Онда кредит муғдары сатып алынатуғын турақ жай баҳасының 80 процентинен артпаўы керек.