Оған муўапық, аңшылық билетин алыў ушын талабанларды оқыў курсларында оқытыў тәртиби ҳаққында реже ислеп шығылды. Оған муўапық:

Талапкерлер Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети жанындағы "Экоаймақлар ҳәм аңшылықты раўажландырыў департаменти" мәмлекетлик мәкемеси ямаса билимлендириў мәкемелери менен дүзилген шәртнамаға муўапық 10 саат даўамында оқытылады;

оқыў курслары тиккелей аудиторияларда ямаса аралықтан оқытыў түринде шөлкемлестириледи;

талапкерлер арзаларды бир жыл даўамында электрон ямаса жазба түрде бериўи мүмкин;

оқыў курсларында оқыў процеси көби менен 20-30 тыңлаўшыдан ибарат болған академиялық топарларда шөлкемлестириледи;

оқыў курслары 80 минут даўам ететуғын лекциялар ҳәм семинарлар тәризинде өткериледи;

оқыў курслары бойынша имтиханларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын комиссия дүзиледи;

оқыў курсларының жуўмағы бойынша тыңлаўшылар тест сынағын тапсырады, 100 баллық система тийкарында баҳаланады, кеминде 70 процент балл топлаған тыңлаўшыларға сертификат бериледи.

Бул ҳүжжет 2026-жыл 3-августтан күшке киреди.