Сораўда Қарақалпақстан Республикасы, елимиздиң барлық ўәлаятлары ҳәм
Ташкент қаласындағы 12 мың 697 респондент қатнасты. Изертлеў шаңарақ турмысынан
қәнәәтлениў дәрежесин үйрениўге қаратылды.
Баҳалаў ушын 8 тийкарғы көрсеткиш ҳәм 21 қосымша критерияларды өз ишине
алған арнаўлы интеграл индексинен пайдаланылды. Атап айтқанда, шаңарақлардың
экономикалық абаданлық дәрежеси, халықтың бәнтлиги, билимлендириўден
пайдаланыў, саламат турмыс даўамлылығы, демографиялық турақлылық, шаңарақлық
қәдириятларға мүнәсибет, мәмлекетлик уйымлар жумысы ҳәм мәмлекетлик хызметлер
сапасынан қанаатланыўшылық сыяқлы мәселелер талланды.
Изертлеў
методикасы бойынша бахыт индекси -1 ден +1 ге шекемги шкала бойынша баҳаланады.
+0,5 тен +1 ге
шекем жоқары дәреже есапланады;
0 ден +0,49 ға
шекем - орташа;
0 ден төмен болса
- төмен.
2026-жылдың
жуўмақларына бола, Өзбекстанда шаңарақлардың улыўма бахытлылық индекси 0,618
баллды қурап, жоқары дәрежеге сәйкес келеди.
Қәнигелер соңғы
жылларда турақлы унамлы динамика бақланып атырғанын атап өтпекте. Соның ишинде,
2023-жылы бул көрсеткиш 0,560 баллды қураған болса, 2025-жылы 0,611 баллды,
2026-жылы болса 0,618 баллды қураған. Кейинги төрт жылда индекс орташа 0,058
баллға өскен.
Қәнигелер унамлы
өзгерислерди мәмлекетте әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық
реформалар, шаңарақ институтының беккемлениўи ҳәм халықтың турмыс сапасын
арттырыў илажлары менен байланыстырмақта.
Бир қатар әҳмийетли
көрсеткишлер бойынша сезилерли өсиў бақланды:
шаңарақлардың
экономикалық абаданлық индекси 0,414 баллдан 0,439 баллға көтерилди;
бәнтлик
көрсеткиши 2023-жылдағы 0,337 баллдан 2026-жылда 0,489 баллға шекем артты;
мәмлекетлик
хызметлерден қанаатланыў дәрежеси 0,372 баллдан 0,514 баллға артқан.
Сондай-ақ, билимлендириўдиң қолайлылығы да жақсыланып
бармақта. 2023-жылы бул көрсеткиш 0,399 баллды қураған болса, 2026-жылы 0,522
баллға жеткен.
Денсаўлықты сақлаў тараўында да унамлы өзгерислер
бақланбақта. Саламат жасаў даўамлылығы индекси 0,596 баллдан 0,605 баллға шекем
артқан.
Әсиресе, шаңарақлық турмыстан қанаатланыў ҳәм
шаңарақлық бахытты сезиў көрсеткиши бойынша жоқары өсиў: 2023-жылдағы 0,667
баллдан 2026-жылда 0,750 баллға шекем.
Соның менен бирге, шаңарақлық қәдириятлардың әҳмийетлилик
дәрежеси турақлы дәрежеде жоқары болып қалмақта - 2026-жылы 0,793 балл.
Шаңарақлардың демографиялық турақлылық көрсеткиши бойынша да жоқары
көрсеткишлер сақланып қалмақта.
Изертлеўшилердиң пикиринше, сораўнама нәтийжелери
халықтың турмысында унамлы өзгерислер жүз берип, шаңарақтың жәмийеттеги орны беккемленип
атырғанынан дәрек береди. Шаңарақ абаданлығы, социаллық турақлылық ҳәм
шаңарақлық қәдириятларға ҳүрмет дәрежесиниң артып баратырғаны шаңарақты
қоллап-қуўатлаў ҳәм пуқаралардың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған
мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин тастыйықлайды.