Энергетика министри Шерзод Хўжаев усы объектте болып, энергияны сақлаў системасын иске қосыў ҳәм тармаққа жалғаў процеси менен танысты.

Ҳәзирги ўақытта система тармаққа жалғанған болып, сентябрь айының ақырына шекем толық қуўатлылыққа шығыўы режелестирилген.

Жаңа энергияны сақлаў системасы электр тармағының ең жоқары жүклеме саатларындағы жумысын турақластырыў имканиятын береди. Қуўатлылығы 175 МВт (350 МВт саат) болған системада жыйналған электр энергиясынан суткасына еки рет - ҳәр сапары 2 сааттан пайдаланыў мүмкин.