Ушырасыў алдынан делегациялар "Мәңги от" естелигине гүл қойыў
мәресиминде қатнасып, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың естелигине
ҳүрмет көрсетти.
Сапар шеңберинде Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ШБШ
мәмлекетлери қорғаныў министрлери менен ушырасыў өткерди. Әскерий бирге
ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, биргеликтеги шынығыўлар әмелиятын
кеңейтиў, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди
муўапықластырыўды күшейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.
Сондай-ақ, Өзбекстан қорғаныў министри генерал-лейтенант Шуҳрат
Халмухамедов ҳәм Қырғызстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-майор
Руслан Мукамбетов арасында еки тәреплеме сөйлесиўлер болып өтти.
Тәреплер әскерий-техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги таярлық
системасын жетилистириў, офицерлер ҳәм қәнигелер арасында тәжирийбе алмасыўды
жеделлестириў, регионаллық қәўипсизликти беккемлеўге қаратылған биргеликтеги
басламаларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.
Сөйлесиўлер өз-ара исеним ҳәм стратегиялық шерикликти және де беккемлеўге
хызмет етип, конструктивлик ҳәм дослық руўхында өтти. Бул ШБШ шеңбериндеги көп
тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, регионда
тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди жеделлестириў
ушын беккем тийкар жаратпақта.