ЖДСШның атап өтиўинше, гәп пандемия ҳаққында емес, ал эпидемия ҳаққында бармақта. Соның менен бирге, қәнигелер жуқтырғанлардың ҳақыйқый саны ҳәм кеселликтиң тарқалыў көлеми бойынша анықсызлық сақланып қалып атырғанын атап өтпекте.

Дәслепки мағлыўматларға бола, Конгоның үш районында Эбола вирусы менен байланыслы деп баҳаланып атырған 80 ге шамалас өлим жағдайы, сондай-ақ, 246 инфекция жуғыў жағдайы анықланған. Сегиз жағдай лабораториялық тастыйықланған, деп жазбақта lenta.ru.

Итури ўәлаятының Монгбвалу ҳәм Рвампара районлары эпидемияның орайына айланды.

ЖДСШның Африка мәмлекетлери бойынша регионаллық бюросының директоры Мохамед Джанаби Конго Демократиялық Республикасы Эбола тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе екенин, шөлкем болса оған қарсы гүресиў илажлары шеңберинде жәрдемди күшейтип атырғанын атап өтти. Оның айтыўынша, вирус тарқалыўын тоқтатыў ушын миллий ҳәкимият ҳәм бирге ислесиўшилер менен бирге қосымша ресурслар ҳәм қәнигелер тартылмақта.

Эбола вирусы адамга жабайы ҳайўанлардан жуғады. Кеселликтиң дәслепки белгилери - жоқары температура, бас ҳәм булшық етлер аўырыўы, ҳәлсизлик, тамақ аўырыўы. Аўыр жағдайларда кеселлик ишки ағзалардың зыянланыўына, қан кетиўине себеп болыўы мүмкин.