Бул ҳаққында Африка кеселликлерди қадағалаў ҳәм олардың алдын алыў орайы (Africa CDC) бас директоры Жан Касе мәлим етти.
- Бүгин ҳәммемиз бул ҳәўиж алыў елеге шекем үлкен қәўип туўдырып атырғаны ҳәм қадағалаўға алынбай атырғанына қосыламыз, — деди ол “Reuters” агентлигине берген интервьюинде.
Рәсмий мағлыўматларға бола, 15-май күни эпидемия жәрияланғаннан берли мәмлекетте 11,2 мыңнан аслам кеселлениў жағдайы ҳәм 5,5 мың өлим жағдайы анықланған.
Касениң айтыўынша, жаңа кеселлениў жағдайларының 80 проценттен асламы байланыста болған адамлардың дизиминде болмағанлар арасында анықланбақта. Соның менен бирге, 65 проценттен аслам өлим жағдайлары медицина мәкемелеринен тысқарыда жүз бермекте.
- Егер ҳәзир бул эпидемияны тоқтатпасақ, ол дүньядағы ең кең көлемли Эбола эпидемиясына айланады, — деп ескертти “Africa CDC” басшысы.
Ҳәзирги ҳәўиж алыў Бундибугио вирусының сийрек ушырасатуғын варианты себепли келип шыққан ҳәм улыўма бақлаўлар тарийхында екинши орынды ийеледи. Эболаның ен үлкен эпидемиясы 2014-2016-жыллары Батыс Африкада жүз берген. Онда 28,6 мыңнан аслам адам жуқтырған, 11 мыңнан асламы қайтыс болған.
Соның менен бирге, "Шегарасыз шыпакерлер" шөлкеми халықаралық жәрдем ўәде етилгенине қарамастан, ең көп зыян көрген аймақлар елеге шекем ресурслар жетиспеўшилигин бастан өткерип атырғанын мәлим етти. Тийкарғы машқалалар қатарында медицина хызметкерлериниң жетерли дәрежеде таярланбағаны, тез медициналық жәрдем машиналары ушын жанылғының жетиспеўшилиги, эпидемиологиялық қадағалаў топарларының жоқ екенлиги атап өтилди.
Касениң сөзлерине бола, Конго ҳүкимети ҳәм халықаралық донорлар арасындағы муўапықласыў машқала болып қалмақта. Уәде етилген жәрдемниң улыўма көлеми дерлик 2,9 миллиард долларды қурайды.
- Биз ҳеш кимди айыпламаймыз. Биз буны коллективлик сәтсизлик деп атырмыз, — деп атап өтти ол.
“Africa CDC” басшысы донорларды ўәде етилген қаржылардан дерлик 1,6 миллиард доллар ажыратыўға ҳәм қәрежетлердиң еки есеге артып кетиўиниң алдын алыў ушын Конго ҳәкимияты менен бирге ислесиўди жолға қойыўға шақырды.
Сондай-ақ, айырым медицина хызметкерлери айлар даўамында айлық ала алмай атырғанын да тән алды. Мәмлекет ҳәкимияты төлемлерди есаплаў системасын санластырыў үстинде жумыс алып бармақта.
Алдынырақ Конго Демократиялық Республикасында Эбола менен кеселленгенлердиң саны 11 мыңнан артқаны хабар етилген еди, деп хабар берди “Kazinform”.