Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятын электр энергиясы менен тәмийинлеўде тийкарғы энергия дәреклеринен бири болған "Тақыятас ЫЭС" АЖ бул жуўапкершиликли ўазыйпаны табыслы орынлап келмекте. Бүгинги күнде станция күнделикли зәрүрликтен келип шығып бир суткада орташа 11 миллион киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарып, регионның энергетика системасының турақлы ислеўине салмақлы үлес қоспақта.

Электр энергиясын ислеп шығарыў - жоқары технологиялар менен бир қатарда жоқары жуўапкершиликти де талап етеди. Себеби энергетика тараўында ҳәр бир үскене, ҳәр бир технологиялық процесс ҳәм ҳәр бир қарар инсан турмысы менен тиккелей байланыслы. Соның ушын қәўипсизлик мәселелери бәрқулла биринши орында турады.

Усы мақсетте "Тақыятас ЫЭС" АЖда 2026-жыл 1-июньнан 1-июльға шекем "Қәўипсизлик техникасы бойынша көрик айлығы" өткерилмекте. Көрик айлығының тийкарғы мақсети - қәўипсизлик мәдениятын беккемлеў, бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, мийнетти қорғаў талапларына әмел етиўди күшейтиў ҳәм ең баҳалы байлығымыз болған инсан өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўдан ибарат.

Тексериў айлығы даўамында станцияның барлық цех ҳәм бөлимлеринде жумыс орынларының жағдайы үйренилип, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етилиўи тексериледи. Соның менен бирге, хызметкерлер ушын оқыў семинарлары, әмелий шынығыўлар, биринши тез медициналық жәрдем көрсетиў бойынша шынығыўлар, авария ҳәм айрықша жағдайларда ҳәрекет етиў бойынша арнаўлы оқыўлар шөлкемлестирилмекте.

Энергетика тараўында қәўипсизлик тек ғана қағаздағы талап емеслигин айрықша атап өтиў керек. Бул ҳәр бир хызметкердиң кәсиплик мәденияты, жәмәәт алдындағы жуўапкершилиги ҳәм шаңарағы алдындағы миннети болып есапланады. Себеби ҳәр бир энергетиктиң саў-саламат ислеўи, күнниң ақырында өз үйине саў-саламат қайтыўы ең тийкарғы мақсетлерден бири.

Айлық даўамында қәўипсизлик қағыйдаларына үлгили әмел етип киятырған хызметкерлердиң тәжирийбеси кеңнен үгит-нәсиятланбақта, кәсиплик шеберлик жарыслары өткерилип, ең жақсы нәтийже көрсеткен хызметкерлер ҳәм бөлимшелер сыйлықланбақта. Бул болса жәмәәт арасында қәўипсизлик мәдениятын және де арттырыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты халқының энергияға болған талабын қанаатландырып атырған "Тақыятас ЫЭС" АЖда алып барылып атырған усындай илажлар энергетика үскенелериниң исенимли ислеўине, бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыўға ҳәм ең баслысы инсан өмири ҳәм саламатлығын қорғаўға қаратылған.

Себеби қәўипсизлик - бул тек ғана қағыйда емес, ол турақлы энергия ислеп шығарыў, исенимли жумыс ҳәм айдын келешектиң беккем кепили болып есапланады.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.