Сапар бағдарламасы шеңберинде Белград қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң рәсмий ҳәм исбилермен топарлары ўәкиллериниң қатнасыўында бизнес-форум өткерилиўи нәзерде тутылған.

Көп қырлы Өзбекстан - Сербия бирге ислесиўин және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.

Саммит жуўмағында салмақлы ҳүжжетлер топламының қабыл етилиўи режелестирилген.