Қырғыз Республикасының жоқары сыйлығын мәмлекетимиз басшысына Президент Садир Жапаров тапсырды.

Өзбекстан жетекшиси туўысқан Қырғызстан Президенти ҳәм халқына терең миннетдаршылық билдирип, бул сыйлықты еки халық арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеў бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлер және Өзбекстан ҳәм Қырғызстан қатнасықларын жаңа тарийхый басқыш – аўқамласлық дәрежесине алып шығыўға қаратылған улыўма умтылыслардың жоқары тән алыныўы сыпатында қабыл ететуғынын атап өтти.

1996-жылы шөлкемлестирилген “Манас” ордени Қырғыз Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлықларынан бири есапланады. Республика ҳәм сырт ел пуқараларына мәмлекечилик ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, халықлар арасында тынышлық, дослық ҳәм өз-ара түсинисиў байланысларын раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын бериледи.