"Барыс арена" муз сарайы майданында болып өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм басқа да сырт елли мийманлар қатнасты.

Мәресим қатнасыўшыларына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин видеомүрәжат жоллады.

Қызғын бағдарлама шеңберинде жасларды дәстүрий спортқа тартыўға хызмет ететуғын, санлы беллесиўлерди классикалық спорт түрлери ҳәм реал физикалық белсендилик пенен бирлестирген фиджитал форматындағы турнирдиң тийкарғы бағдарлары таныстырылды.

Мәмлекетимиз басшысы халықаралық турнир қатнасыўшыларын қутлықлады.

Бүгин, сондай-ақ, спорт ҳәм технология министрлери, дипломатиялық миссиялардың басшылары ҳәм басқа да жоқары мәртебели ўәкиллердиң қатнасыўында фиджитал-спорт саммити болып өтти.

Дәслепки "Келешек ойынлары" 2024-жылы Қазан қаласында өткерилген еди. Оның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты. Екинши турнир 2025-жылы Абу-Дабиде болып өтти.

Быйылғы жарыста Өзбекстан ўәкиллери фиджитал-футбол, лазертаг ҳәм аяқ ойын түрлери бойынша қатнасады.