Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың басшылығында өткен саммитте Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Армения Бас министри Никол Пашинян ҳәм ҒМДА бас хаткери Сергей Лебедев те қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, көп тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бәршени қутлы сәне – Дослық Аўқамының 35 жыллығы менен қутлықлап, жүз берип атырған өзгерислерге қарамастан, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымызды жақын инсаный қатнасықлар, улыўма тарийх ҳәм бирге ислесиўдиң үлкен потенциалы байланыстырып киятырғанын атап өтти.
- Бүгинги күнде дүнья түп-тийкарынан өзгермекте. Қарама-қарсылықлар артып бармақта, әдеттеги экономикалық байланыслар қайта қурылмақта. Бундай жағдайда исенимди беккемлеў, позицияларды тез-тез үйлестирип барыў ҳәм келисимлеримиздиң реал нәтийже бериўине ерисиў айрықша әҳмийетли, – деди Өзбекстан Президенти.
Экономикалық интеграция ҳәм өндирис кооперациясы турақлылық ҳәм раўажланыўдың тийкарғы негизлеринен бири болып қалып атырғаны атап өтилди.
Саўда-инвестициялық шерикликти жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде бар имканиятлардан толық пайдаланыў ҳәм әпиўайы товар алмасыўдан қосымша қунның толық шынжырларын биргеликте жаратыўға басқышпа-басқыш өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Буннан соң мәмлекетимиз жетекшиси биргеликтеги ҳәрекетлерди қаратыў керек болған бир қатар тийкарғы бағдарларды көрсетип өтти.
Бәринен бурын, техникалық тосқынлықларды сапластырыў, муўапықлық сертификатларын өз-ара тән алыўды тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлардан пайдаланыў имканиятын кеңейтиў арқалы Еркин саўда зонасының шеклеўлерсиз толық жумыс алып барыўын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Экономикалардың турақлылығы ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўде азық-аўқат қәўипсизлиги айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Бул бағдарда аўыл хожалығы өнимлери бойынша мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында өз-ара базар ашыўды кеңейтиў ҳаққындағы келисимди және азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасын тез пурсатта келисип алыныўы ҳәм тастыйықланыўы мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди. Мәмлекетлер базарларындағы жағдайды алдыннан прогнозлаў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде азық-аўқат ҳәм төгинлер экспортына шеклеўлер киргизиўден алдын өз-ара хабардар етиў ҳәм мәсләҳәтлесиў механизмин енгизиў усыныс етилди.
Санаат тараўындағы имканиятларды бирлестириў ҳәм өз-ара инвестициялар көлемин арттырыў мәселесине айрықша тоқтап өтилди. Бизнес ўәкиллериниң биргеликте ислесиўден мәпдарлығы жоқары екени, оны буннан былай да раўажландырыў мақсетинде арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша "жол картасы" тез пурсатта келисип алыныўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президентимиз транспорт жағынан байланыслылық мәселесине айрықша тоқтап, интеграцияласқан логистика орайларын шөлкемлестириў, транзит қәрежетлерин сезилерли дәрежеде қысқартыў, жүк тасыў қағыйдаларын бирдей етиў ҳәм ҒМДАда бирден-бир транспорт мәлимлеме системасын қәлиплестириў тәрепдары екенин билдирди және Түркменстан тәрепиниң 2029-жылды Дослық Аўқамының транспорт байланыслылығы жылы деп жәриялаў ҳаққындағы басламасын қоллап-қуўатлады.
Энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында жақын он жыллықларға мөлшерленген узақ мүддетли прогнозға талап жоқары екени атап өтилди.
- Бул болса энергияның мәўсимлик артықшылығы ҳәм жетиспеўшилиги қай жерде ҳәм қашан жүзеге келиўи, қайсы тармақларды раўажландырыў зәрүр екенлиги және гидроэнергетика, ыссылық генерациясы ҳәм қайта тиклениўши дәреклерди қалайынша ең нәтийжели түрде үйлестириў мүмкин екенлиги ҳаққында анық түсиник пайда етиў имканиятын бериўи керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Климат өзгериўи менен байланыслы машқалаларға да тоқтап өтилди.
- Бул бағдарда муўапықластырылған ҳәм әмелий қарарлар зәрүр. Биз аз углеродлы технологияларды жедел енгизиў ҳәм жабық циклдеги өндирислерди раўажландырыў тәрепдарымыз,-деди Президентимиз.
Ҳәрекетлерди бирлестириў ушын ҒМДАның ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм айланба экономика тараўында бирге ислесиў концепциясын ислеп шығыў усыныс етилди.
Мәдений-гуманитарлық байланыслар Дослық Аўқамы мәмлекетлери ҳәм халықлары арасында өз-ара түсинисиў ҳәм исенимди беккемлеў ушын беккем тийкар болып хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәмлекетлераралық гуманитарлық бирге ислесиў қорының форматын кеңейтиў арқалы бул бағдарды және де раўажландырыў ушын жақсы имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди.
Бүгинги күнде жаңа технологиялар тәсиринде тез өзгерип, заманагөй экономиканың бийғәрез ҳәм әҳмийетли тармағына айланып атырған дөретиўшилик индустрияларға айрықша итибар қаратыў усыныс етилди.
Усы мүнәсибет пенен "Мәдений сиясат ҳәм креатив индустрия" форумын шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.
Заманагөй қәўип-қәтерлер қатарында пүткил дүньяда көлеми жедел өсип атырған кибержынаятшылық машқаласы айрықша атап өтилди.
- Мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылып атырған алдаўшылық әллеқашан пуқаралар ҳәм бизнеске үлкен зыян жеткермекте, мәмлекетлеримиз қаржы системаларының турақлы ислеўине қәўип туўдырмақта, – деди Өзбекстан Президенти.
Усы мүнәсибет пенен Ишки ислер министрлери кеңесине қысқа мүддетте трансшегаралық кибержынаятлар ҳәм алдаўшылық схемаларына оператив жуўап бериў ушын ҒМДА Биргеликтеги байланыс орайын шөлкемлестириў бойынша комплексли илажлар ислеп шығыўды тапсырыў усыныс етилди.
Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң жуўмағында Өзбекстан келеси жылы ҒМДАға басшылықты қабыл етиўге ҳәм Дослық Аўқамын раўажландырыў ушын тығыз бирге ислесиўге таяр екенин билдирди. Сондай-ақ, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа миймандослық ҳәм саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдирди.
Мәжилис даўамында Дослық Аўқамына ағза басқа да мәмлекетлер делегацияларының басшылары да шығып сөйледи.