Мәмлекетимиз басшысы Лусаил сарайында Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шайх Тамим
бин Ҳамад Ол Соний менен ушырасты.
Сөйлесиў алдында Өзбекстан жетекшиси Қатар Әмирине әкесиниң қайтыс
болғаны мүнәсибети менен терең кеўил билдирди.
Шайх Ҳамад Ол Соний Қатар Мәмлекетиниң тарийхый жетискенликлери, кең
көлемли дөретиўшилик жумыслары, жедел социаллық-экономикалық реформалар ҳәм
мәмлекеттиң халықаралық абырайын беккемлеўге үлкен үлес қосқан сиясий ғайраткер
болғаны атап өтилди.
Соның менен бирге, Уллы мәртебели Мырзаның мәмлекетлеримиз арасындағы
жақын дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси
айрықша атап өтилди.
Президентимиз,
сондай-ақ, бүгинги күнде Қатар регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде
әҳмийетли роль атқарып атырғаны, халықаралық майданда үлкен абырайға ийе
"Доҳа ҳаўазы" сыяқлы қубылыс жүзеге келгенин атап өтти.
Мәмлекет
басшылары Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай
да беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў мәселелерин
додалады, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша
пикир алысты.
Қатар Әмири, өз
гезегинде, Өзбекстан Президентине жеке сапары, шын жүректен кеўил билдиргени
ҳәм усы қыйын күнлерде көрсетилген дослық жәрдеми ушын терең миннетдаршылық
билдирди.
Ушырасыў соңында
мәмлекетимиз басшысы Әмирди өзи ушын қолайлы ўақытта сапар менен Өзбекстанға
келиўге мирәт етти.