Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Саудия
Арабстаны Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд ҳәм Мийрасхор, Бас министр Муҳаммад
бин Салмон Ол Саудтың сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Соңғы жылларда бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық
пенен атап өтилди. Әсиресе, “ACWA” компаниясы менен ири биргеликтеги жойбарлар
әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди.
Сапар етиў шеңберинде Саудия Арабстанының жетекши компанияларының
басшыларынан ибарат абырайлы делегация менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерилип,
бир қатар келисимлерге ерисилди.
Сөйлесиў
даўамында елимизде медицина тараўын санластырыў ҳәм модернизациялаў,
фармацевтика тармағын тәртипке салыў, кадрлар таярлаў, көп тармақлы емлеўхана
қурыў мәселелерине итибар қаратылды.
Ушырасыў
жуўмағында жаңа жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын “жол
картасы”н ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.