Өзбекстан-Италия стратегиялық шериклигин, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Барлық дәрежедеги еки тәреплеме сөйлесиўлер жеделлескени ҳәм бирге ислесиўдиң тийкарғы көрсеткишлери избе-из өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылдың басынан өз-ара саўда көлеми 25 процентке артты. Өзбекстанда Италияның жетекши компанияларының қатнасыўында металлургия, энергетика, аўыл хожалығы, химия санааты ҳәм экономиканың басқа да тармақларында жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Өзбекстан ҳәм Тосканды көп әсирлик тарийхый ҳәм мәдений байланыслар байланыстырып турғаны атап өтилди. Уллы жипек жолы дәўиринде Флоренция ҳәм Өзбекстанның әййемги қалалары арасында жедел саўда-сатық әмелге асырылған, флоренциялы саўдагерлер ҳәм дипломатлар Әмир Темур сарайында қабыл етилген.

Бүгинги күнде Ташкентте Пиза университетиниң филиалы табыслы жумыс алып бармақта. Прато қаласында Өзбекстан тоқымашылық өнимлери саўда үйи жумыс алып бармақта. 2024-жылы Флоренциядағы Уффици галереясында өзбек авангард көркем өнери шығармаларының көргизбеси болып өтти.

Тоскан ўәлаяты менен тоқымашылық, былғары, азық-аўқат ҳәм зергерлик санааты, қурылыс тармағы, билимлендириў, мәденият ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди.

Тоскана ҳәм Бухара ўәлаятлары арасында шериклик байланысларының раўажланып атырғаны ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылғаны жоқары баҳаланды.

Ушырасыў жуўмағында Тоскана ҳәм мәмлекетимиз аймақлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша жаңа жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын биргеликтеги "жол картасы"н таярлаў ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.

Тоскана Италияның экономикалық жақтан ең раўажланған аймақларынан бири болып, күшли санаат потенциалы, жоқары технологиялық өндирис, заманагөй аўыл хожалығы, дүньяға белгили виношылық ҳәм туризм тармағына ийе.

Регион пайтахты Флоренция - дүнья мәденияты, илим ҳәм көркем өнерине үлкен үлес қосқан, ояныў дәўириниң бесиги сыпатында тән алынған қала болып есапланады.