Мәмлекетимиз басшысы Сеул қаласында Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён, Миллий Ассамблея Спикери Чо Чжон Шик, Бас министр Хан Сон Сок, Кореяның ең ири компаниялары ҳәм қаржы институтларының басшылары менен тар ҳәм кеңейтилген қурамда сөйлесиўлер өткереди.

Алдағы беккемлеў мәселелери көрип шығылады

Өзбекстан - Корея айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын кеңейтиў ҳәм кооперацияны тереңлестириў;

бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириўде айрықша әҳмийетке ийе.

Өзбекстан Президенти "Орайлық Азия - Корея Республикасы" биринши саммитинде де қатнасады, онда саўда, инвестициялар, инфраструктура, санлы трансформация, илим, технологиялар ҳәм көплеген басқа да тараўлардағы бирге ислесиў перспективалары додаланады.

Илаж жуўмағында Сеул декларациясының қабыл етилиўи күтилмекте.