Мәмлекетимиз басшысы олар менен сәўбетлесип, жумысы, оқыўы, келешектеги режелери менен қызықты.

Сөйлесиўде мәмлекетимизде болып атырған өзгерислер, ўатанласларымыздың арзыў-нийетлери, сапар шеңберинде болажақ илажлардың әҳмийети ҳаққында пикир алысылды.

Президентимиз ўатанласларымыздың жумысы ҳәм оқыўында табыслар тилеп, олар Кореяда алып атырған заманагөй билим, көнликпе ҳәм тәжирийбе мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.