Корея Республикасы әскерий
ҳаўа күшлериниң Сеул авиабазасында жоқары мәртебели мийманларды салтанатлы
күтип алды. Мәмлекетимиз басшысының ҳүрметине Ҳүрметли қараўыл сап тартты,
артиллериялық салют берилди.
Өзбекстан жетекшисин Бас
министрдиң орынбасары - экономика ҳәм қаржы министри Ку Юн Чхоль ҳәм басқа да
рәсмий шахслар күтип алды.
Үш күнлик сапар шеңберинде
Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён менен тар ҳәм кеңейтилген қурамдағы
сөйлесиўлер, Миллий Ассамблея Спикери Чо Чжон Шик, Бас министр Хан Сон Сок,
Кореяның ең ири компаниялары ҳәм қаржы институтларының басшылары, сондай-ақ,
усы елде жасап атырған ўатанласларымыз бенен ушырасыўлар болып өтеди.
Буннан тысқары, мәмлекетимиз
басшысы Өзбекстан - Корея бизнес форумының ашылыўында шығып сөйлейди.
Өзбекстан Президенти 16-сентябрь күни "Орайлық
Азия - Корея Республикасы" биринши саммитиниң илажларында қатнасады.
Сапардың сиясий ҳәм экономикалық күн тәртиби менен бир
ўақытта Сеул ҳәм мәмлекеттиң басқа да бир қатар қалаларында Өзбекстан мәденияты
күнлери болып өтеди.