Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда көп қырлы Өзбекстан
- Беларусь қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин айрықша атап
өтти.
Бул ретки сапарға таярлық шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссия,
Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, аналитикалық
топарлардың ушырасыўлары, Өзбекстан мәденият күнлери ҳәм басқа да илажлар
табыслы өткерилгени атап өтилди.
Өз-ара товар алмасыўдың турақлы пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Кейинги 5 жылда бул көрсеткиш дерлик 3 есеге көбейип, өткен жылдың жуўмағы
менен дерлик 1 миллиард долларға жетти. Усы жылдың басынан берли оның көлеми
және 30 процентке артты. 360 қоспа кәрхана табыслы жумыс алып бармақта.
Жетекшилер товар
алмасыў көлемин 2 миллиард долларға жеткериў бойынша анық илажларды, сондай-ақ,
аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика, электротехника, жеңил санаат,
мебель қурылысы ҳәм басқа да тармақларда жаңа кооперациялық жойбарларды өз
ишине алған илажлар режесиниң қабыл етилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Тыныш атомнан
пайдаланыў ҳәм тийисли инфраструктураны қурыў тараўында тәжирийбе алмасыўдан
мәпдарлық билдирилди.
Күни кеше Минск
қаласында болып өткен Өзбекстан ҳәм Беларусь аймақлары үшинши форумының
нәтийжелери айрықша атап өтилип, оның жуўмағында салмақлы саўда шәртнамалары
ҳәм инвестициялық келисимлерге қол қойылғаны айрықша атап өтилди.
Тәреплер
халықаралық структуралар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ҒМДА, ШБШ,
Қосылмаў ҳәрекети шеңберинде бир-бирин буннан былай да қоллап-қуўатлаўда
исенимли екенин тастыйықлады.
Жедел
мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Мәмлекетимиз
басшысы Александр Лукашенкоға Минск қаласында Өзбекстан - Беларусь дослық
қыябанын шөлкемлестириў басламасы ушын миннетдаршылық билдирди.
Усы жылдың
ақырына шекем биргеликтеги туризм, медицина ҳәм билимлендириў форумларын
шөлкемлестириўге келисип алынды.
Мәжилис даўамында
қоспа Ҳүкиметлераралық комиссия жәрдемши баслықларының сөйлесиўлердиң күн
тәртиби бойынша анық усыныслары менен баянатлары тыңланды.
Сөйлесиў соңында
Президент Шавкат Мирзиёев беларуслы кәсиплеси Александр Лукашенконы Өзбекстанға
рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.