Өзбекстан - Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Республикасы Президентиниң бул ретки мәмлекетлик сапары тарийхый ўақыя екенин айрықша атап өтти.
- Саммит жуўмағында Мәңги дослық ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы буны тастыйықлайды. Ең әҳмийетлиси, стратегиялық шериклигимиз ҳәм аўқамласлығымыздың ҳәр бир бәнти анық, анық әмелде жүзеге шықпақта, - деди Шавкат Мирзиёев.
Жетекшилер еки тәреплеме байланыслар жедел раўажланып атырғанын атап өтти. Парламентлер, ҳүкиметлер, тармақ ведомстволары арасында тығыз байланыслар жолға қойылған.
Сапарға таярлық шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси, Исбилерменлер кеңеси ҳәм Аймақлар форумы табыслы өткерилди.
Кейинги бес жылда өз-ара саўда көлеми 3 есеге артты. Энергетика, химия, қазып шығарыў, тоқымашылық тармақлары, аўыл хожалығы, қала қурылысы ҳәм басқа да бағдарларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.
Товар алмасыў көлемин 1 миллиард долларға жеткериў ушын имканиятлар бар екенлиги атап өтилди. Бул әҳмийетли бағдарға ерисиў бойынша қабыл етилип атырған Ҳәрекетлер бағдарламасы оған тийкар болады.
Мәжилис шеңберинде жаңа кооперация жойбарларына старт бериледи. Бундай басламаларды қоллап-қуўатлаў ушын Биргеликтеги инвестициялық компанияның қаржыларын жедел тартыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Еки мәмлекеттиң өз-ара байланыслылығын күшейтиў, Орта коридорды биргеликте раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жетекшилер мәденият, билимлендириў, жасларға байланыслы сиясат, спорт тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириўге келисип алды.
Бүгин Низамий Ганжаўий атындағы Миллий педагогика университетиниң жаңа имараты ашылады ҳәм Жаңа Ташкентте "Әзербайжан" паркин қурыўға старт бериледи.
Халықларымызды және де жақынластырыў мақсетинде "Низамий Ганжаўий ҳәм Әлийшер Наўайы арасында әдебий көпир" қоспа кинолентасын жаратыў усыныс етилди.
Усы жылдың гүзинде Әзербайжанда жетекши жоқары оқыў орынлары ректорларының екинши форумы болып өтеди.
2027-жылы мәмлекетлеримизде әҳмийетли спорт илажы - жаслар арасында футбол бойынша жәҳән чемпионаты болып өтеди. Усы мәниде, биргеликтеги спорт, мәдений ҳәм жаслар илажларын өткериўди нәзерде тутатуғын "Еки мәмлекет - бир чемпионат" кең көлемли бағдарламасы ислеп шығылады.
Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.
Ҳүкиметлераралық комиссия жәрдемши баслықларының есабатлары тыңланды.
Мәжилис жуўмағында ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.
Жуўмағында банк-қаржы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, билимлендириў, нефть-газ, туризм, турақ жай қурылысы, таў-кән санааты ҳәм аўыл хожалығы тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға старт берилди.