Тәжикстан
жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған
беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, дос Өзбекстан халқының арзыў-нийетлерин әмелге
асырыў жолында таўсылмас күш-ғайрат ҳәм жаңа табыслар тиледи.
Эмомали Раҳмон
Өзбекстан Президентиниң ҳәрекетлери себепли бүгин елимиз социаллық-экономикалық
раўажланыў жолынан исенимли илгерилеп, халықаралық майдандағы абырайын избе-из
беккемлеп атырғанын айрықша атап өтти.
Сөйлесиўде
Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық
шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери
көрип шығылды.
Тәреплер
Тәжикстан Президентиниң усы жыл 26-27-март күнлери Өзбекстанға мәмлекетлик
сапары даўамында, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық
тараўларда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар
қаратты.
Жетекшилер
регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ
ушырасыўлардың режесин додалады.