Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Сердар Бердимуҳамедовты Түркменстан ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы ҳәм Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы және Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамындағы нәтийжели басшылығы менен қутлықлады.
Өзбекстан - Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң унамлы пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жыл басынан берли товар алмасыў көлеми турақлы өсип бармақта, "Шават - Ташаўыз" шегараалды саўда зонасы табыслы жумыс алып бармақта.
Өз-ара саўда көлемин бир неше есеге арттырыў бойынша илажлар режеси ҳәм санаат, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы сыяқлы тараўларда Кооперация бағдарламасын қабыл етиў ҳәм оны еки мәмлекет аймақлары дәрежесинде де әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин дүзиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Бул ҳүжжет сиясий сөйлесиўди және де тереңлестириў ҳәм тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ушын беккем институционаллық тийкар жаратады.