Әзелден бир жерде жақын, татыў қоңсы болып жасап киятырған туўысқан халықлар арасында әсирлер даўамында қәлиплескен қуда-қудағайлық дәстүрлери елеге шекем даўам етип келмекте.

Тәжикстан бүгин де Өзбекстанның дәўир сынағынан өткен исенимли шериги, досты болып есапланады. Ҳәзир көп қырлы бирге ислесиўдиң барлық бағдарында үлкен раўажланыў бақланбақта. Әсиресе, 2016-жылдан баслап Өзбекстан - Тәжикстан қатнасықлары тарийхында түпкиликли жаңа дәўир басланды. Сиясий, экономикалық, мәдений байланыслар жедел раўажланып, өз-ара дослық, қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў дәрежеси мазмун жағынан байыды, мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар ҳақылы түрде стратегиялық шерикликтен аўқамшылық статусына көтерилди.

2016-2025-жылларда Өзбекстан - Тәжикстан арасындағы экономикалық байланыслардың кескин кеңейиўи де әне усы жоқары аўқамласлық дәрежесинде әмелге асырылмақта. Қатнасықлар сиясий, экономикалық ҳәм мәдений тараўларда жедел раўажланбақта. Өз-ара саўда көлеми артып, санаат кооперациясы, энергетика ҳәм транспорт бағдарларында өз-ара әҳмийетли, пайдалы жойбарлар әмелге асырылмақта. Мәселен, еки мәмлекет арасындағы сыртқы саўда баҳасы 2016-жылы тек ғана 197,1 миллион долларға тең болған. Бул көрсеткиш мәмлекетлеримиздиң бар экономикалық имканиятынан жүдә аз еди. 2016-2025-жылларда Өзбекстан - Тәжикстан товар алмасыў көлеми 912,3 миллион долларға жетти ямаса 4,6 есеге артты.

Усы жыл 19-февраль күни Душанбеде Тәжикстан ҳәм Өзбекстан Бас министрлери қатнасқан Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша 13-ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилисинде өз-ара бирге ислесиў барлық бағдарда жедел раўажланып атырғаны атап өтилди ҳәм оны келешекте және де кеңейтиў мәселелери додаланды. Бул процессте ҳәр еки мәмлекеттиң шегаралас аймақлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў оғада әҳмийетли ҳәм бул бағдарда бир қатар илажлар көрилмекте. Соның ишинде, Сурхандәрья менен Хатлон, Самарқанд пенен Сўғд ўәлаятлары арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлерге қол қойылды.

2018-жыл апрельде Самарқанд қаласында Сўғд ўәлаяты исбилермен топарларының қатнасыўында санаат ярмаркасы өткерилген еди. Дәстүрге айланған мине усындай санаат ярмаркалары қоңсы ўәлаятлардың исбилерменлери арасында өз-ара кооперация байланысларын орнатыў ҳәм беккемлеўге хызмет етпекте. Илажлар шеңберинде еки ўәлаят исбилерменлери арасында жүдә көп бизнес ҳәм бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылмақта. Саўда-экономикалық байланыслардың раўажланыўында мәмлекетлеримиз арасындағы 17 шегара-қадағалаў пунктлериниң барлығы толық жумыс ислей баслағаны үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Өз-ара саўда қурамы кеңеймекте

2016-жылға шекемги дәўирде еки мәмлекет ортасында өз ара саўдадағы өнимлер номенклатурасы шекленген болып, бул қоңсылас мәмлекетлер потенциалынан бираз төмен еди. Аўқамласлық статусы өз ара саўда қурамына да жүдә үлкен унамлы тәсир көрсете баслады.

Соның ишинде, Миллий статистика комитетиниң дәслепки есап-санақларына бола, Өзбекстанның 2025-жылы Тәжикстанға экспорт еткен өнимлериниң улыўма көлеми 683,1 миллион долларға жеткен болса, оның қурамында 222,7 миллион долларлық санаат өнимлери (ҳәр қыйлы трикотаж ҳәм пластмасса өнимлери, металл прокаты ҳәм басқалар), 58,7 миллион долларлық машина ҳәм транспорт үскенелери (электротехника ҳәм басқа да үскенелер), 53,1 миллион долларлық минерал өнимлер (бензин, битум, газ), 53 миллион долларлық химиялық өнимлер (полимер, сульфат, силикат, төгин, бояў), 48,2 миллион долларлық азық-аўқат өнимлери (шарўашылық ушын от-жем, мәйек, кондитерлик өнимлери, таяр гөш өнимлери ҳәм басқалар), 21 миллион долларлық ҳәр қыйлы таяр өнимлер (қурылыс материаллары, таяр кийим-кеншек, жипек гезлемелери), 147,4 миллион долларлық хызметлер (тийкарынан темир жол транспорты) сыяқлылардан ибарат болды.

Тәжикстанның Өзбекстанға экспорт номенклатурасы да барған сайын кеңейип бармақта. Мәселен, 2025-жылы қоңсы мәмлекеттиң елимизге улыўма экспортының баҳасы 229,3 миллион долларға жетти. Оның қурамы руда ҳәм концентратлар (цинк, мыс ҳәм баҳалы металлар - 108,9 миллион долларлық), таскөмир (22,3 миллион долларлық), электр энергиясы (17,9 миллион долларлық), пахта талшығы (17,6 миллион долларлық), мийўе-овош (7,4 миллион долларлық), қара металл (5,1 миллион долларлық), үй қусы (2,4 миллион долларлық), пластмасса шығындылары (1,8 миллион долларлық), жәми 6,6 миллион долларлық күкирт, дала шпаты ҳәм хызметлер (тийкарынан темир жол хызмети) ден ибарат.

Бирге ислесиў перспективалары

2016-2025-жылларда еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық қатнасықлар жедел раўажланғанын атап өттик. Соған қарамастан, экономикалық байланыслардың кеңейиўи ушын еки мәмлекетте де үлкен имканиятлар бар. Соның ишинде, 2025-жылдың жуўмағында Тәжикстанның Өзбекстан улыўма товар айланысындағы үлеси 2017-жылдағы 0,9 проценттен 1,1 процентке өсти. Бул көрсеткиш елимиздиң экспорты қурамында тек ғана 1,5 проценттен 2 процентке, импортында болса 0,4 проценттен 0,5 процентке жетти.

Дурыс, соңғы жылларда экономикалық бирге ислесиў дәрежесиндеги өсиў пәти кескин артпақта. Мәселен, 2025-жылы товар айланысы 2024-жылға салыстырғанда 22,5 процент, экспорт 24,1 процент, импорт 13,8 процентке өсиўине ерисилди. Бундай өсиў пәтиниң даўам етиўи еки мәмлекет арасындағы товар айланысының көлемин кескин арттырып, 2 миллиард долларға жеткериў сыяқлы үлкен мақсетке тез ўақыт ишинде ерисиў мүмкин екенлигин көрсетип тур.

Буның ушын мәмлекетлеримиз арасындағы экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң бир қатар резервлери менен имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў талап етиледи.

Санаат тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў өз-ара экономикалық байланысларды кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарларынан бири. Соның ишинде, шийки затты терең қайта ислеў бойынша қоспа кластерлер шөлкемлестириў ҳәм оларда ислеп шығарылған өнимлерди биргеликте үшинши мәмлекетлерге экспорт етиў мүмкин.

Тоқымашылық да экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң перспективалы тараўы. Жақын жылларға шекем Өзбекстанда жетистирилип атырған пахта шийки затының тек ғана 10-15 проценти елимизде қайта исленетуғын, қалған 85-90 проценти сырт елге талшық ҳәм ийирилген жип түринде экспорт етилетуғын еди. Нәтийжеде пахта талшығын қайта ислеўден келетуғын пайданың тийкарғы бөлеги де сырт елдеги гезлеме ислеп шығаратуғын, таяр кийим тигетуғын ҳәм оларды сататуғын компаниялардың есабына түсер еди.

Өзбекстанда пахта жетистириў, тасыў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыў тараўлары соңғы жыллары бирден-бир ноқатқа бирлестирилди, яғный пахта-тоқымашылық кластерлери системасы шөлкемлестирилди. Бул кластерлердиң жумысының жолға қойылыўы пахташылық ҳәм тоқымашылық тараўларының раўажланыўында жаңа бет ашты. Шийки затты жетистириўши ҳәм қайта ислеўши системалардың жумыс нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырды.

Қулласы, пахта-тоқымашылық тармақларын кластерлер түринде биргеликте раўажландырыў бағдарында Өзбекстанда үлкен тәжирийбе топланды. Соннан келип шығып айтыў мүмкин, бирге ислесиўде еки мәмлекет аймағында санаат кооперациясы тийкарында тоқымашылық кластерлерин шөлкемлестириў үлкен перспективаға ийе. Себеби, таяр өнимлерди сырт елге сатыў ҳәр еки тәреп - өзбек ҳәм тәжик исбилерменлерине, дийқанларға, санаат жумысшыларына қосымша үлкен пайда алыў имканиятын береди.

Соңғы жыллары бир қатар мәмлекетлерде кеселликлерди емлеўде химиялық дәрилерди аз қолланып, тәбийғый өсимлик ҳәм шөплерден көбирек пайдаланылмақта. Өзбек ҳәм тәжик жери болса тәбийғый дәрилер ислеп шығарыў ушын шийки зат болған ҳәр қыйлы өсимликлер ҳәм шыпалы шөплерге оғада бай. Мине, усы тәбийғый байлықтан фармацевтика санаатында ақылға уғрас пайдаланыў бүгин инсан саламатлығын сақлаў ушын үлкен әҳмийетке ийе. Усы мақсетте мәмлекетлеримиз фармацевтика тараўында оғада салмақлы жумыслар ислемекте. Соның ишинде, Өзбекстанда фармацевтика тармағын раўажландырыўға бағдарланған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға сырт ел ҳәм жергиликли инвестицияларды жедел тартыў ушын қолайлы шараят жаратыў, дәрилик өсимликлер шийки затын жетистириў ушын сийрек ушырасатуғын шараятты есапқа алған ҳалда жергиликли дәрилик қураллар базарын елимизде ислеп шығарылған жоқары сапалы дәри-дәрмақ пенен толықтырыў мақсетинде 2017-жылы Президентимиздиң арнаўлы пәрманы менен "Нукус-фарм", "Зомин-фарм", "Косонсой-фарм", "Сирдарё-фарм", "Бойсун-фарм", "Бостанлық-фарм" ҳәм "Паркент-фарм" еркин экономикалық зоналары шөлкемлестирилген еди.

Фармацевтика тараўында шөлкемлестирилген 7 еркин экономикалық зона арқалы дәрилик өсимликлер шийки затын өзине тән тәбийғый шараятларда жетистириў ҳәм қайта ислеў бағдарында тараўдағы өндирис ҳәм ресурс потенциалынан комплексли және нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, жоқары қосымша қунлы заманагөй фармацевтика өнимлери ҳәм дәри қуралларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпаларды орынлаў мақсет етилген. Демек, тәреплерде фармацевтика тараўы бойынша да нәтийжели бирге ислесиў имканияты үлкен.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан регионда шийки зат ҳәм қайта исленбеген аўыл хожалығы өнимлериниң ири экспортёрлары. Соның ушын оларды қайта ислеў ушын қоспа өндирис қуўатлықларын жаратыў да өз-ара бирге ислесиўдиң перспективалы бағдары болып есапланады. Еки мәмлекет үлкен Евроазия аймағында мийўе-овошлардың оғада көп түрлерин жетистириў ҳәм оларды қайта исленбеген, кептирилген ҳәм қайта исленген ҳалда экспорт етиў көлеми бойынша жетекши орынға ийе.

Мийўе-овошларды қайта ислеў, соның ишинде, санаат усылында кептириў тараўында қоспа кәрханалар шөлкемлестириў арзан, сапалы ҳәм сырт ел базарларында өтимли таяр азық-аўқат өнимлерин үлкен көлемлерде ислеп шығарыў имканиятын жаратады. Бул өнимлерди ҒМДА ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери, Қытай, Ҳиндстан ҳәм басқа да мәмлекетлерге экспорт етиў мүмкин.

Соның менен бирге, Өзбекстан - Тәжикстан инвестициялық компаниясының финанслық имканиятларынан биргеликтеги қәнигелескен тармақларды жаратыў ушын пайдаланыў мүмкин. Қоспа кәрханаларда ислеп шығарылып атырған таяр өнимлердиң көлеминиң артыўы өзине түсер баҳаның азайыўы ҳәм ҒМДА мәмлекетлери базарына да, Қытай базарына да экспорт етиў имканиятын кеңейтиўге хызмет етеди.

Өзбек ҳәм тәжик дийқанлары әсирлер даўамында жетилискен жоқары дийқаншылық цивилизациясын жаратқан. Бул еки мәканда аўыл хожалығы суўғарылатуғын дийқаншылық дәстүрлери тийкарында қәлиплескен ҳәм раўажланған. Мине, усы үлкен тәжирийбеге сүйенген ҳалда ҳәр еки мәмлекет аймағында жаңа жерлерди өзлестириў, ирригация ҳәм мелиорация, жер-суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў, аграр тармаққа санлы технологиялар, инновациялық жетискенликлер ҳәм жасалма интеллектти енгизиў тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў имканиятлары бар.

Тәжикстан өзинде ислеп шығарылмайтуғын таяр өнимлер, атап айтқанда, автомобиль, турмыслық техника, әсиресе, кир жуўыў машинасы, кондиционер, үлкен көлемдеги музлатқыш, айырым азық-аўқат, тоқымашылық ҳәм химия өнимлериниң экспортын арттырыў ушын перспективалы базар болып есапланады. Қоңсы мәмлекет пенен улыўма шегара ҳәм раўажланған транспорт инфраструктурасының бар екенлиги өнимлерди тасыў қәрежетиниң азайыўына тийкар болады.

Тәжикстанда гидроэнергетика объектлерин биргеликте қурыў ҳәм эксплуатациялаў және трансшегаралық суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў айрықша әҳмийетке ийе. Себеби бул жол менен салыстырмалы арзан электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мүмкин.

Сондай-ақ, азық-аўқат санааты кәрханаларын модернизациялаў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў тийкарында үлкен муғдарда экспортқа қолайлы таяр өнимлер ислеп шығарыў ҳәм оны үшинши мәмлекетлерге, соның ишинде, Аўғанстанға экспорт етиў имканияты бар. Буның ушын Тәжикстан менен шегаралас аймақларда агрологистика орайлары ҳәм қоймаханаларды биргеликте шөлкемлестириў мақсетке муўапық.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан аймағында көп әсирлер даўамында қурылған сийрек ушырасатуғын әййемги естеликлер бар. Еки халық арасында бул естеликлерди, әсиресе, ислам мәдениятына тийисли комплекслерди зыярат етиўге умтылыў үлкен. Сол себепли, бул тараўда бирге ислесиўди кеңейтиў, зыярат туризмин раўажландырыў ушын қолайлы шараят жаратыў, әсиресе, бундай естеликлер жайласқан аймақларға тиккелей самолёт ҳәм автобус қатнаўын жолға қойыў экономикалық турақлылық пенен бирге, өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылық руўхын беккемлеў, "барыс-келис"лерди және де жақсылаўға тийкар жаратады.

Улыўма алғанда, өз-ара саўда-экономикалық байланысларды және де кеңейтиў, оның көлемин 2 миллиард долларға жеткериў еки мәмлекеттиң экономикалық өсиўине, халықларымыздың абаданлығына сезилерли тәсир көрсетеди. Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның Өзбекстанға мәмлекетлик сапары ҳәм онда қабыл етилетуғын келисимлер болса еки мәмлекет ҳәм халықларымыз арасындағы дослық байланысларын және де күшейтиў, аўқамласлық статусын беккемлеўге хызмет етеди.

Одил АЛИМЖАНОВ,

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы

бас илимий хызметкери, экономика илимлериниң докторы, профессор