Президенттиң "Қәбилетли қәнигелердиң сырт елде билим алыўын қоллап-қуўатлаў, оларда кәсиплик шеберлигин раўажландырыў ҳәм хошаметлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы (ПП-77-санлы, 05.05.2025 ж.) қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, "Эл-юрт умиди" қоры Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қоры етип қайта шөлкемлестирилди.

"Эл-юрт умиди" қорының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер белгиленди:

профессионал, терең билимге ийе, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланған кадрларға болған талапты үйренип барыў;

талабанларды министрлик, уйым ҳәм экономика тармақларының стратегиялық кәрханаларының талапларына сәйкес түрде профессионал бағдарлаў;

стипендиатлардың Өзбекстанға қайтқанынан соң мийнет етиўи ҳәм социаллық қорғалыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў және оларды қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар киргизиў;

мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы унамлы имиджин және де арттырыў ушын стипендиатлар потенциалынан нәтийжели пайдаланыў.

2025-жыл 1-сентябрьден баслап:

министрлик, уйым, экономика тармақларының стратегиялық кәрханалары арасынан мақсетли стажировкаға жиберилетуғын талабанлардың дизими қәлиплестириледи;

стажировка шөлкемлестирилетуғын сырт ел шөлкемлери ҳәм стажировка мүддети буйыртпашылар, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм "Эл-юрт умиди" қоры тәрепинен белгиленеди;

мақсетли стажировкаға жиберилетуғын қәнигелердиң стажировка өтеўде зәрүр болатуғын шет тилин үйрениўи ушын министрлик, уйым ҳәм экономика тармақларының стратегиялық кәрханалары тәрепинен тийисли шараятлар жаратып бериледи.