- Бүгин мәмлекетимиз ушын ҳақыйқый тарийхый ўақыяға гүўа болдық. Қазақстан пуқаралары референдумда қатнасып, конституциялық реформаны қоллап-қуўатлады. Олар Ўатанымыз келешеги ушын даўыс берди. Ҳәзир ғана экзитполлардың нәтийжелери жәрияланды, оларға бола Қазақстан өзиниң тарийхый таңлаўын жаңа конституция пайдасына иследи, деп исеним менен айтыў мүмкин", - деди Қазақстан жетекшиси "Қазмедиа орайы" студиясында шығып сөйлеп. - Биз буннан былай 15-мартты ҳәр жылы тийкарғы байрамларымыздан бири сыпатында Конституция күнин белгилеймиз.

"Ўатанласларымыз мәмлекетти жаңалаў ҳәм модернизациялаў ушын даўыс берди. Бул - улыўма жетискенлигимиз. Ҳәммеңизди бүгинги қутлы әййям менен қызғын қутлықлайман", - деди Президент.

"Қасым-Жомарт Тоқаев улыўмахалықлық референдум ең жоқары дәрежеде, ашық-айдын ҳәм әдалатлы өткенин айтты. Ҳәм жергиликли, ҳәм сырт елли бақлаўшылар нызамның барлық талаплары ҳәм демократиялық нормаларға қатаң әмел етилгенин атап өтпекте. Сондай-ақ, Президентимиз пуқаралардың ерк-ықрарының соңғы нәтийжелери Орайлық референдум комиссиясы тәрепинен рәсмий тәртипте жуўмақланатуғынын атап өтти.

15-март күни Қазақстанның жаңа конституциясы бойынша өткерилген референдумда даўыс берген республика пуқараларының көпшилиги мәмлекеттиң жаңа тийкарғы нызамының қабыл етилиўин қоллап-қуўатлады. Олардың мағлыўматларына бола, қоллап-қуўатлаў дәрежеси 86,7 проценттен 88,6 процентке шекем болған.

Қазақстанда 15-март күни жаңа конституция бойынша референдум болып өтти. Жаңа тийкарғы нызамда әмелдеги нызамға салыстырғанда тийкарғы өзгерислер - вице-президент лаўазымын енгизиў, еки палаталы парламенттен бир палаталы парламентке өтиў, нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе жоқары мәсләҳәт уйымы - Халық кеңесин шөлкемлестириў, миллий ҳуқықтың халықаралық ҳуқықтан үстинлигин беккемлеў, деп жазады tass.ru.